Жаңа мектептиң ашылыўы гимнастика спорт түрлерин раўажландырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыўда әҳмийетли қәдем болды.
Жаңа мектеп жаслардың профессионал спорт пенен шуғылланыў имканиятларын кеңейтетуғынына, талантлы гимнастикашыларды анықлаў ҳәм қоллап-қуўатлаўға жәрдем беретуғынына, миллий гимнастиканың халықаралық майдандағы орнын беккемлеўге хызмет ететуғын күшли спорт резервин қәлиплестиретуғынына исенемен, -деди Саида Мирзиёева.








