Комплекс формат CCA Tashkentти Орайлық Азиядағы биринши усындай институтқа айландырады.

Жаңа мәденият кластери 1912-жылы қурылған бурынғы дизель электр станциясы имаратында жайласқан. Тарийхый имараттың архитектуралық трансформациясын дүньяға белгили Studio KO архитектуралық бюросы әмелге асырды.

Орайда көргизбелер ҳәм изертлеў жойбарлары, лекциялар, пикир-таласлар, кинофильмлер көргизбелери, концерт ҳәм перформанслар өткериледи.

"Өзбекстанда усындай дәрежедеги және бир заманагөй платформа пайда болғаны айрықша әҳмийетке ийе. CCA Tashkent художниклер, кураторлар ҳәм халықаралық шөлкемлер менен бирге ислеседи, авторларымызға жаңа аудиторияға шығыў ҳәм мәмлекетимизден тысқарыда көзге тасланыўына жәрдем береди", - деп атап өтти Саида Мирзиёева.

Жойбардың жаратылыўы Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы ҳәм Өзбекстан мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыў қорының салмақлы жумысы себепли әмелге асырылды.