Тәреплер Орайлық Азия бойынша улыўма партиялық топардың шөлкемлестирилиўи Уллы Британия ҳәм регион мәмлекетлери парламентлери арасында турақлы ҳәм конструктивлик сөйлесиўди жолға қойыў ушын беккем тийкар болып хызмет ететуғынына исеним билдирди.
Өзбекстан тәрепи бул топар делегациясын Өзбекстанда қабыл етиўге таяр екени айрықша атап өтилди.
- Көп әсирлик тарийхқа ийе парламент имараты бойлап әжайып саяхат пенен жуўмақланған қызғын ушырасыў ушын Хойл мырзаға миннетдаршылық билдиремен, - деп атап өтти Саида Мирзиёева.











