"Инсаният бирадарлығы мәжилиси" деп аталған бул форумға 150 ден аслам ҳүрметли мийманлар - сырт мәмлекетлердиң биринши ханымлары, Нобель сыйлығының лауреатлары, БМШ агентликлери ҳәм жетекши халықаралық шөлкемлердиң басшылары, БАӘ ҳәм Персия қолтығы мәмлекетлериниң жоқары лаўазымлы сиясатшылары, министрлери ҳәм мәмлекетлик ғайраткерлери, сондай-ақ, жасалма интеллект технологиялары ҳәм этикасы тараўының жетекши илимпазлары қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы Саида Мирзиёева форумның 1-сессиясында "Инсан дослығы орайында ҳаял-қызлар жетекшилиги" темасында шығып сөйледи.

Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ҳаял-қызлардың жетекшилиги ҳәм билим алыў ҳуқықы инсан қәдир-қымбатының тийкарғы көрсеткишлери сыпатында әҳмийетли екенлигин атап өтти. Өзбекстанның бул тараўдағы табыслы реформаларын атап өтип, ҳаял-қызларды социаллық қоллап-қуўатлаў тек ғана миллий раўажланыўға емес, ал пүткил регионда тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.

- Өз-ара ҳүрметке тийкарланбаған раўажланыў турақлы болмайды. Күшли жәмийет тек ғана нызамлар емес, ал адамлардың өз-ара исеними тийкарында қурылады, бул көбинесе ҳаял-қызлардың қатнасықлары ҳәм жетекшилиги арқалы беккемленеди", - деди Саида Мирзиёева.