Бүгин ана жеримиз, соның ишинде, Орайлық Азия дус келип атырған әҳмийетли климат машқалаларының шешимине қаратылған анық басламалар менен бул форум тарийхый әҳмийетке ийе болды.
"Жасыл" дүньяның үмит нәзери
Бул ири әнжуманда Өзбекстан жеке өзи емес, ал регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиў арқалы ғана күтилген нәтийжеге ерисиў мүмкин екенлигин терең аңлайтуғыны белгили болды. Ҳеш бир тәбийий апатшылық шегара билмейди, аймақ ҳәм мәмлекет таңламайды. Планетамыз дус келген экологиялық машқалалардың шешими ушын биринши қәдем, бирден-бир қутқарыў - бирлесиў ҳәм мақсетлердиң бирлиги болып табылады. Форум мақсетиниң тийкарғы өзеги де басқа бирге ислесиўшилерди соған шақырыўға қаратылды.
Самарқанд климат форумының әҳмийети ҳаққында сөз етиўден алдын бул форумның идеясы ҳәм оның басламашысы, оның биринши мәрте үлкен сиясий минберге алып шығылыўына тоқтап өтиў зәрүр.
Өзбекстан Президенти 2023-жыл 18-октябрь күни Пекин қаласында болып өткен "Бир мәкан, бир жол" халықаралық форумында Орайлық Азияда "жасыл" раўажланыў тараўындағы мақсетлерге ерисиў жолында пикир алысыў ҳәм ҳәрекетлерди бирлестириў ушын Самарқандта халықаралық климат форумын өткериў басламасын алға қойған еди.
Илажда мәмлекетимиз басшысы Өзбекстандағы аномал ҳаўа-райы шараятлары, тез-тез жүз берип атырған қурғақшылық ҳәм шаң боранлары, жердиң жеделлик пенен деградацияға ушыраўы ҳәм шөллениўи, биокөптүрлиликтиң жоқ болыўы көринисинде көзге тасланып атырған қурамалы экологиялық жағдайға тоқтап өтип, Орайлық Азия дүньядағы климат өзгериўи ақыбетлеринен ең көп зыян көрип атырған регионлардан бири екенин атап өткен еди.
Ийгиликли ҳәм қайырлы баслама БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш, мәмлекет ҳәм ҳүкиметлер жетекшилери, халықаралық шөлкемлер тәрепинен қоллап-қуўатланды ҳәм бәршемиз гүўа болған мине усындай үлкен ўақыя сыпатында жаңа Өзбекстан тарийхына мөрленди.
Самарқандта биринши мәрте халықаралық климат форумының өткерилиўи Өзбекстанның экологиялық машқалаларды шешиў бағдарындағы позициясы исенимли екенин көрсетип берди. Әнжуманда Орайлық Азия алдында турған әҳмийетли тәбийий апатшылықлар машқалалары додаланды ҳәм экологиялық турақлылық, "жасыл" экономикалық раўажланыўға ерисиў ҳәм климат өзгериўине қарсы гүресиўде регионаллық бирге ислесиў мәселелери көрип шығылды. Регион мәмлекетлери тәрепинен Орайлық Азияда климат өзгериўине бейимлесиў стратегиясы бир аўыздан мақулланды.
Ерисилген нәтийжелер әҳмийети
Форумда Жасыл раўажланыў концепциясының презентациясы болып өтти ҳәм бул концепцияны Бразилияда болып өтетуғын COP30 шеңберинде тастыйықлаў ушын тийисли илажлар көриўге келисип алынды.
Өзбекстан 2023-жылы COP28де рәсмий түрде иске қосылған санаатты декарбонизациялаў ҳәм глобал дәрежеде жәмәәтлик ҳәрекетти күшейтиў бойынша тәжирийбе алмасыў ушын платформа болып хызмет ететуғын, жоқары климат амбицияларына ие 43 мәмлекеттиң ықтыярлы коалициясы есапланған “Climate club”қа ағза болды.
“Climate club” жумысы үш тийкарғы бағдар - шығындыларды азайтыў бойынша ашық-айдын сиясат жүргизиў, санаатты өзгертиў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўди қамтып алады. Шөлкемниң тийкарғы мақсети Париж келисимин әмелге асырыўды қоллап-қуўатлаў ҳәм глобаллық таза "ноль шығынды"ға ерисиў ушын климат бойынша ҳәрекетлерди жеделлестириўден ибарат.
Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети менен Қоршаған орталықты қорғаў, климатқа қарсы гүресиў ҳәм тәбийий ресурслардан турақлы пайдаланыў тараўында бирге ислесиў ҳаққында түсинисиў меморандумына қол қойылды. Бул меморандум Өзбекстан ҳәм Орайлық Азияда қоршаған орталықты қорғаў, климат өзгериўине қарсы гүресиў, тәбийий ресурслардан турақлы пайдаланыў ҳәм оларды басқарыў тараўында анық ҳәрекетлер ҳәм илажларды әмелге асырыўда бирге ислесиўди даўам еттириўге хызмет етеди. Мақсет Өзбекстанның экологиялық, экономикалық ҳәм социаллық жақтан турақлы, климат шараятына шыдамлы ҳәм эмиссиясы аз болған раўажланыўына үлес қосыў ҳәм ҳәр қыйлы халықаралық конвенциялар, шәртнамалар шәртлерин орынлаўда қоллап-қуўатлаў болып есапланады.
Буннан тысқары, БМШ Балалар қоры - ЮНИСЕФтиң Өзбекстандағы ўәкилханасы менен стратегиялық бирге ислесиў бойынша өз-ара түсинисиў меморандумына да қол қойылды. Оған бола, қоршаған орталықты қорғаў, климат өзгериўине бейимлесиў ҳәм унамсыз ақыбетлериниң тәсирин жумсартыў, тәбийий апатшылықлар қәўпин азайтыў ҳәм балалар ушын әҳмийетли хызметлердиң инклюзив, турақлы ҳәм экологиялық қәўип-қәтерлерге таяр болыўын тәмийинлеў арқалы жас әўладтың шыдамлылығын беккемлеў бағдарларында өз-ара пайдалы бирге ислесиў раўажландырылады. Сондай-ақ, әҳмийетли экологиялық мәселелерде балалардың қатнасы кеңейтиледи ҳәм олардың саламатлығын тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпаға айланады.
"Жасыл" экономика - турақлы келешек
Мәмлекетимиз бүгин миллий ҳәм регионаллық экологиялық машқалаларға шешим табыўға айрықша итибар қаратпақта. Әсиресе, Аралбойы регионының экологиялық системасын қорғаў ҳәм тиклеў, социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша илажларды әмелге асырыў бағдарында турақлы экологиялық сиясат жүргизилмекте.
Климат машқалаларына қарсы нәтийжели гүресиў, унамсыз ақыбетлерин жумсартыў ушын ерте яки кейин емес, әйне бүгин әмелий ҳәрекетлерге өтиў керек екенлигин планетамыздың түрли мүйешлеринде, соның ишинде, регионымызда бақланып атырған экологиялық апатшылықлар да тастыйықлап тур. Сонлықтан, 2024-жылы Өзбекстан Президенти жанында Климат кеңеси шөлкемлестирилди. Олий Мажлис Нызамшылық палатасының структурасында биринши мәрте климат өзгериўи ақыбетлерин азайтыў ҳәм "жасыл" экономикаға өтиўди жеделлестириў мәселелери бойынша комиссия дүзилди. Бул болса климат өзгериўи менен байланыслы машқалаларға парламент дәрежесинде шешим табыўда әҳмийетли роль атқарады.
Комиссияның мақсети климат өзгериўи ақыбетлерин азайтыў ҳәм "жасыл" экономикаға өтиў, қайта тиклениўши энергия дәреклерин көбейтиў, халықтың энергия ресурсларына болған талапларын қанаатландырыў бағдарындағы реформаларды әмелге асырыўға жәрдемлесиўден ибарат. Бүгинги күнде бул комиссия тәрепинен көплеген жумыслар жеделлик пенен орынланбақта.
Қалаберди, мәмлекетимизде 2025-жылға "Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл экономика" жылы деп атама берилгени, "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл экономика" жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада "жасыл" экономика принциплерин кеңнен енгизиў, экономиканы климаттың өзгериўине бейимлестириўге қаратылған жойбарларды турақлы қаржыландырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгиленгени ҳәм бул турмыста өз көринисин таўып атырғаны да биз дурыс жолдан баратырғанымызды көрсетип тур.
Дүньяда бүгин күтилмеген климат өзгериўиниң унамсыз ақыбетлеринен жәбир көрмеген бирде-бир мәмлекет жоқ, десек асыра айтқан болмаймыз. Экологиялық факторлардың ҳәр бири шегара билмес қәсийетке ийе болып, дүнья массасын биргеликте ислеўге ийтермелемекте. Биз бул сиясатты узақ ўақыттан берли кеңнен үгит-нәсиятлап киятырмыз.
Өзбекстан бул бағдардағы ең ири халықаралық келисимлерге қосылды. Мәмлекетимизде ҳәм регионда жүз берип атырған экологиялық процесслерге бейимлесиў, климат өзгерислери зыянын имканы болғанынша азайтыўда бундай қатнас жүдә-жүдә зәрүр. Аралбойы ҳәм Самарқандта болып өткен халықаралық илажларда да тап усындай мәселелер халықаралық шеңберде додаланды.
Бул бағдарда Өзбекстанның өзине тән беккем позициясы бар. Оны региондағы қоңсы мәмлекетлер ҳәм халықаралық жәмийетшилик пенен биргеликте әмелге асырыў ҳәр тәреплеме дурыс болады, әлбетте. Тәбият алдындағы миннетимиз, ертеңги күн ушын қайғырыў, келешек әўладлар мүнәсип турмыс тәризи ушын жуўапкершилик бизден ҳәр қашанғыдан да сергек, қырағы ҳәм аўызбиршиликли болыўды талап етпекте. Себеби, турақлы раўажланыўға ерисиў ушын барлық тараўларда беккем ҳәм тең ҳуқықлы бирге ислесиўди жолға қойыў оғада әҳмийетли.
Аралға мүнәсибет өзгерди
Соңғы жыллары Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында глобал экологиялық машқаланың алдын алыў ҳәм халықтың социаллық-экономикалық турмыс тәризин жақсылаўға қаратылған кең көлемли илажлар көрилмекте.
Ашшы болса да бир гәпти айтпақшы едим. Арал апатшылығы ҳаққында усы ўақытқа шекем үлкен-үлкен минберлерде көп сөз етилди. Жүдә көп халықаралық шөлкемлер менен биргеликте жойбарлар ислеп шығылды. Бирақ бир нәрсени тән алыў керек: 2018-жылға келип ғана Аралбойында әмелий жумыслар басланды. Мәмлекетимиз басшысының жеке өзи сол жылы Аралбойына барып, ол жердеги ҳақыйқый жағдайды көрди, иш-ишинен сезди. Әне соннан кейин ғана Аралбойына мүнәсибет пүткиллей өзгерди.
Елимизде Аралбойындағы экологиялық жағдайды турақластырыў, регионның социаллық-экономикалық раўажланыўын жеделлестириў ҳәм халықтың турмыс тәризин жақсылаў тийкарғы мәселеге айланды. Аралдың қурыған ултанына қандым, қарабарақ, черкез ҳәм сексеўил егиў нәтийжесинде бүгин ол жерде жаңа өмир басланбақта, тәбийий турақлылық әсте-ақырын тикленбекте.
Бул тоғай-мелиорация илажлары Айрықша жағдайлар, Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрликлери, Тоғай хожалығы агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте әмелге асырылмақта.
Соның ишинде, 2018-2024-жыллар даўамында 1 миллион 865 мың гектар майданда шөл өсимликлериниң туқымы ҳәм нәлинен "жасыл қапламалар" - қорғаў тоғайлары жаратылды. "Жасыл қапламалар" - қорғаў тоғайларының 1 миллион 783 мың гектары шөл өсимликлери туқымынан, 82 мың 397 гектары нәлинен қурылған. Яғный өткен дәўирде бул аймақларға шөл өсимликлериниң 82 миллион түп нәли егилген.
Сондай-ақ, бул илажлар ушын 7,4 мың тоннадан аслам сексеўил ҳәм басқа да шөл өсимликлериниң туқымлары жыйналды. Соннан дерлик 2 мың тонна туқым Мойнақ районы халқы тәрепинен таярланғаны бул жапакеш елдиң Аралқумда турмысты тиклеўден қаншелли үмит етип атырғанын айқын көрсетеди.
Тоғайзарластырыў жумысларын даўам еттириў мақсетинде жылына 100 гектардан аз болмаған көлемде сексеўил нәлханалары шөлкемлестирилди. Ҳәр жылы орташа 1000 ға шекем техника ҳәм механизм, самолёт ҳәм мотодельтаплан тартылды ҳәм де егис мәўсимлериниң дәслепки жылларында 2000 ға шекем халық, жумысшы-хызметкер ҳәм механизатор қатнасты.
2025-жылы бул илажлар избе-излик пенен даўам еттирилмекте. Нәтийжеде бүгинги күнге шекем Аралқум орнында жәми 71,9 мың гектар, соннан шорға шыдамлы өсимликлер туқымынан 71 мың гектар ҳәм шөл өсимликлери нәлинен 901 гектар "жасыл қапламалар" пайда етилди.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясында Аралбойы регионында экологиялық жағдайды турақластырыў, теңиздиң қурыўы нәтийжесинде жүзеге келген экологиялық машқалалардың унамсыз тәсирин жумсартыў мақсетинде Аралдың қурыған ултанында қосымша 600 мың гектар жасыл майдан жаратып, олардың улыўма көлемин 2,6 миллион гектарға ямаса аймақтың 80 процентине жеткериў белгиленген. Бүгинги күнге шекем Аралбойының қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлер егилген улыўма майданы 2 миллион гектардан асламды қурамақта.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, 2 жыллық сексеўил қум көшиўин 20 процент, 5 жыллығы 80 процент, 7 жыллығы болса толық тоқтатады. 10 жыллық 1 түп сексеўилдиң өзи 100 тоннаға шекем қум көшиўиниң алдын алады. Жақсы раўажланған 1 түп сексеўил өз тамыры әтирапында 10 тоннаға шекем қум ҳәм дузды услап турады. Сексеўиллер топырақтағы шаң ҳәм дузларды самал ушып кетиўин тоқтатади.
Усыларды есапқа алған ҳалда 4-6-апрель күнлери Самарқанд ҳәм Нөкис қалаларында болып өткен Климат форумы ҳәм Арал мәденият саммити регионда жасап атырған жүз мыңлаған инсанлар ушын жарқын үмит машқаласы болды, деп айтыў мүмкин.
Улыўма алғанда, Самарқанд климат форумы Өзбекстанның жедел климат сиясаты ҳәм оның халықаралық майдандағы басламалары мәмлекетимиздиң турақлы раўажланыў ҳәм экологиялық қәўипсизлик мәселесине тек ғана миллий ямаса регионаллық емес, ал дүнья жүзилик дәрежеде садықлығын көрсетеди.
Абдушукур ҲАМЗАЕВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы фракциясы баслығы