Сессияда Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов қатнасты.
Кейинги жыллары ўәлаят экономикасын раўажландырыў, инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаў, халықтың социаллық шараятларын көтериў бойынша қатар жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
Сессияда шөлкемлестириў мәселе көрилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли пәрманларына тийкар Эркинжон Оқбўтаевич Турдимов басқа жумысқа өтиўине байланыслы Самарқанд ўәлаяты ҳәкими лаўазымынан босатылды. Ол бул ўазыйпада 2018-жылы июль айынан баслап ислеп киятырған еди.
Есап палатасы баслығы лаўазымында ислеп келген Адиз Музаффарович Бобоев Самарқанд ўәлаяты ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы етип тайынланды.
Адиз Бобоев жумысын 1993-жылы Бухара ўәлаяты қаржы басқармасында экономист сыпатында баслап, 2008-жылға шекем түрли ўазыйпаларда ислеген. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Республика жол қорында, министрлик структурасындағы басқа жуўапкер лаўазымларда жумыс ислеген. 2024-жылы январь айынан Республика Есап палатасы баслығы сыпатында ислеп киятырған еди.