Бул ҳаққында "Дунё" МА “inbusiness.kz” мәлимлеме агентлигине сүйенип хабар бермекте.

Атап өтилиўинше, 2026-жыл 4-марттан баслап авиакомпания Астана-Самарқанд-Астана жөнелиси бойынша қосымша рейсти жолға қоймақта. Жума ҳәм екшемби күнлери әмелге асырылатуғын пәрўазларға сәршемби күнги пәрўазлар қосылады.

Астана - Самарқанд жөнелиси бойынша авиабилетлер баҳасы 30 366 теңгеден (721 192,5 сум) басланады.

“Qazaq Air” авиакомпаниясы 2025-жыл ноябрь айынан баслап Қырғызстан ҳәм Өзбекстанға турақлы халықаралық рейслерди әмелге асырып келмекте. Усы дәўирде бул жөнелислерде дерлик 4,5 мың жолаўшы тасылған. Қосымша рейслердиң жолға қойылыўы турақлы талапқа пенен байланыслы болмақта.