Самарқанд халықаралық аэропорты тарийхый рекордын жаңалады

    16 қаңтар 2025 2146

    Самарқанд халықаралық аэропорты 2024-жылы жаңа жоқары көрсеткишти атап өтти ҳәм 1,38 миллионнан аслам жолаўшыға хызмет көрсетти, бул 2023-жылға салыстырғанда 37 процентке көп.

    Буның тийкарғы факторы авиакомпаниялар менен бирге ислесиўди нәтийжели раўажландырыў, сондай-ақ, жаңа шериклерди тартыў болып есапланады. Усы тәризде Самарқанд аэропорты региондағы тийкарғы транспорт орайы сыпатындағы абырайын беккемлемекте.

    2024-жылы жолаўшы ағымының тийкарғы өсиўи халықаралық жөнелислерге туўра келди, оларда 1,31 миллионнан аслам жолаўшыларға хызмет көрсетилди.

    Өткен жылы ашылған жаңа жөнелислер арасында: Sian (Қытай), Sharm-al-Shayx (Египет), Түркстан (Қазақстан), Тюмень, Нижний Новгород ҳәм Иркуск (Россия) бар.

    Самарқанд халықаралық аэропорты терминалын басқарыўшы "AIR MARAKANDA" компаниясының мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, өткен жылы аэропортта төмендеги жаңалықлар енгизилген.

    - Майыплығы болған жолаўшылар ушын арнаўлы қоңыраў түймеси орнатылған болып, оның жәрдеминде хызметкер менен дәрҳал байланысып, зәрүр жәрдем алыў мүмкин.
    - Терминалда бийпул жүк тәреплери пайда болды, бул болса пәрўазға таярлық процесин сезилерли дәрежеде әпиўайыластырды.
    - "Hertz", "SIXT" ҳәм "Europcar" халықаралық автомобиль ижарасы бойынша үш күни-түни жумыс ислейтуғын шақапша ашылды.
    - Қосымша СИМ-карта саўда шақапшалары, аксессуарлар ҳәм зергерлик буйымлары дүканлары пайда болды. Терминалда жаңа кафе ҳәм кондитерханалар шөлкемлестирилди, бул болса аэропортта жолаўшы ҳәм мийманлар ушын және де қолайлылық жаратады.

    Буннан тысқары, 2025-жылы аэропортта жаңа жөнелислерди ашыў, аэропорт инфраструктурасын буннан былай да модернизациялаў ҳәм жолаўшылардың аэропорт пенен өз-ара байланысын жеңиллестириў режелестирилген.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates