Ушырасыў алдынан Түркменстан жетекшиси мәмлекетимиз басшысына Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Көп қырлы бирге ислесиў барлық бағдарларда, соның ишинде, сиясий, парламентлераралық, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда жедел раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Барлық дәрежелерде нәтийжели сөйлесиў алып барылмақта. Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилислери, Исбилерменлер кеңеси, Аймақлар форумы, мәденият күнлери, көргизбелер ҳәм басқа да илажлар турақлы өткерилип келинбекте. Өткен жылы өз-ара товар алмасыўдың көлеми 1,1 миллиард долларды қурады. Пайтахтларда саўда үйлери ашылып, жүк тасыў көлеми артпақта. Жақын жылларда товар алмасыўды 2 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген.
Энергетика, транспорт, аўыл ҳәм суў хожалығы, экономиканың басқа да тармақларында өз-ара пайдалы кооперация раўажланбақта. Биргеликте "Шават-Ташаўыз" шегараалды саўда зонасы шөлкемлестирилмекте.
Жедел аймақлараралық сөйлесиўлер жолға қойылған, мәдений-гуманитарлық алмасыў бойынша үлкен бағдарламалар әмелге асырылмақта.
Усы жылы Хийўа қаласында үшинши Аймақлар форумын ҳәм Өзбекстанда Түркменстан мәденияты күнлерин өткериўге келисип алынды.
Өзбекстан ҳәм Түркменстан жетекшилери регионаллық шерикликке байланыслы мәселелер, соның ишинде, "Орайлық Азия плюс" форматындағы болажақ саммитлер ҳәм Ташкент қаласында өткерилетуғын Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриў бойынша пикир алысты.
Мәмлекетимиз басшысы Түркменстанның басламасы менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы тәрепинен жәрияланған Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылы шеңберинде усы жылы декабрь айында Ашхабад қаласында өткерилетуғын форум ҳәм басқа да халықаралық илажлар үлкен әҳмийетке ийе екенин айрықша атап өтти.
Ушырасыўда Өзбекстан Президенти Түркмен халқының миллий жетекшисине оның қәлемине тийисли "Тафаккур гавҳари" китабының өзбек тилиндеги нусқасын тапсырды.