Санациялаў қоры шөлкемлестириледи

    25 маусым 2025 923

    Нызамға бола, санация ҳаққында қарар қабыл етилиўине шекем Орайлық банк банктиң активлери ҳәм миннетлемелери, сондай-ақ, балансдан тысқары статьялары баҳаланыўынан өткерилиўин тәмийинлейди.

    Баҳалаўшы Орайлық банкке төмендегилерди өз ишине алған жуўмақты усынады:

    банкти санациялаў басланған күнде усы банкти мәжбүрий сапластырыў баслама етилген болса, санация етилип атырған банк акционерлери ҳәм кредиторлары көриўи мүмкин болған зыянлардың муғдары;

    санация етилип атырған банктиң акционерлери ҳәм кредиторлары көрген ҳақыйқый зыянлар муғдары;

    жоқарыда көрсетилген зыянлар арасындағы айырмашылық.

    Сондай-ақ, Орайлық банк ҳәм Аманатларды кепилликлеў агентлигиниң қоспа қарары тийкарында санациялаў қоры шөлкемлестириледи.

    Орайлық банк санация етилип атырған банк дүзген шәртнамалар бойынша оның төлем ҳәм өткермелерге байланыслы белгили миннетлемелерин 6 ҳәптеден көп болмаған мүддетке тоқтатып турыўға ҳақылы.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates