Қалаберди, мәмлекетимизде IТ-парк резидентлери 2 800 ден асты, сырт ел компаниялары 752 ге жетти. Бул тараўда 40 мыңнан аслам жасларымыз жоқары дәрамат таўып атыр.
Сондай-ақ, ҳәзирги күнде халықаралық IТ сертификатын алыў ушын қатнасқан жәми жаслардың саны 9 788 ди қурайды. Халықаралық сертификатты қолға киргизген жаслардың айлық мийнет ҳақысы 35 миллион сумға шекем жетеди. Усының өзи халықаралық IТ сертификаты бәсеки жоқары болған базарда қаншелли әҳмийетли екенин көрсетеди.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясында Санлы технологияларды раўажландырған ҳалда мәмлекетти регионаллық "IT-HUB"қа айландырыў ўазыйпасы қойылған. Бул процессте ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў әҳмийетли. Себеби бул олар ушын тек ғана жеке раўажланыўына тийкар жаратпайды, ал билим ҳәм тәжирийбе есиклерин ашады, финанслық жағдайын жақсылайды, жәмийеттиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғын қәниге болып қәлиплесиўине жәрдем береди.
Усы мақсетте бир қатар жойбарлар жолға қойылған. “GAP Women IT Union”, “Technovation Girls”, “ICT4Girls”, “Бир миллион дастурчи”, “Muhammad al-Xorazmiy vorislari” сыяқлы жойбарлар арқалы мыңлаған ҳаял-қызлар мәлимлеме технологиялары тараўына тартылмақта. Бул жойбарлар оларды халықаралық таңлаўларға бағдарламақта. 2022-жылы елимизде мәлимлеме технологиялары тараўында 159 ҳаял-қыз жумыс алып барған болса, усы жылға келип бул көрсеткиш 6 704 ке жеткени, яғный дерлик 42 есеге өскени үлкен өзгерис болып есапланады.
“GAP Women IT Union” жойбары ҳәр жылы әмелге асырылады. Ҳаял-қызлардың сырт еллерде өткерилетуғын халықаралық дәрежедеги конференцияларда қатнасыўын тәмийинлеў мақсетин нәзерде тутатуғын бул жойбар оларды заманагөй кәсиплерге хошаметлеўге хызмет етип келмекте.
“Technovation Girls” жойбары шеңберинде болса шетки аймақлардағы мектеп оқыўшыларының стартап идеялары халықаралық дәрежеде қоллап-қуўатланады. Санлы технологиялар министрлиги тәрепинен өткерилген таңлаў нәтийжелерине бола, усы жылы Өзбекстаннан 88 оқыўшы қыз ярым финалға шықты. Беллесиўлер еле даўам етеди. Егер олар финал басқышына қәдем қойса, АҚШтың Сан-Франциско қаласында болып өтетуғын “Technovation Girls” илажында қатнасыў имканиятын қолға киргизеди.
- 2024-жылы Голландияда өткерилген қызлар арасында информатика бойынша халықаралық олимпиадада өзбек қызлары биринши мәрте қатнасып, бронза медалын қолға киргизди. Усы жылы бул жарысқа пуқта таярлық көриў мақсетинде Республика бойынша 3 басқышта сайлап алыў турнирлери өткерилди. Ең қәбилетли 4 қыз таңлап алынды. Олар Өзбекстан сайланды командасы қурамында информатика бойынша халықаралық олимпиадада қатнасыў ушын жақында Германияға жөнеп кетти. Быйылғы мақсетимиз алтын медалды қолға киргизиў, - дейди Санлы технологиялар министрлиги басқарма баслығының орынбасары Жасурбек Қайнарбеков.
Санластырыў барлық тараўларға жедел кирип бармақта. Бул өз-өзинен IТ қәнигелерине болған талапты арттырады. Сонлықтан, Хорезм ўәлаятында 2000 ҳаял-қыз мәлимлеме технологиялары ҳәм заманагөй кәсиплерге оқытылды. Бундай басламаларды барлық аймақларда енгизиў үлкен әҳмийетке ийе.
"Бир миллион программист" жойбары шеңберинде 2 миллионнан аслам қатнасыўшы билим алды, итибарлысы, олардың 47 проценти ҳаял-қызлар.
- IТ тараўының басқа кәсиплерден үстинлиги неде, билесиз бе? Жақсы компьютер, интернет ҳәм көнликпе болса, барлық жумысты үйде орынлаў мүмкин. Бир тигиў машинасының пулына азғана қосып, жақсы компьютер алып берилсе, қызларымыз үйде де мың долларға шекем дәрамат табады, - деди Президентимиз Жаслар күнине бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде.
Дәслепки билим ҳәм көнликпеге ийе апа-қарындасларымыз биймәлел аралықтан турып ислеўи, белгили муғдарда дәрамат табыўы мүмкин. Үйде отырып, шаңарағы ҳәм перзентлерине ўақыт ажыратқан ҳалда профессионал жумыс алып барыў оларға финанслық еркинлик бериўи менен бирге жаңалықлар жаратыў тилеги ҳәм дөретиўшилигин хошаметлейди. Бул олардың жәмийетте өз орнына ийе болыўына жәрдем береди. Тийкарғысы - өз жолын табыўына ҳәм киши қәдемлер менен үлкен мақсетке қарай умтылыўына руўхландырады.
- Бәринен бурын, исеним, турақлы өз үстинде ислеў, шет тиллерин билиў ҳәм жаңа технологияларға қызығыўшылық. Қызлар ушын бундай орталықты жаратыў - бизиң тийкарғы ўазыйпамыз, - дейди Жасур Қайнарбеков.
Шетки аймақлардағы қәбилетли ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде арнаўлы мәлимлеме платформасы itstudy.uz ислеп шығылған. Бул өнермент ҳаял-қызлар электрон коммерция платформаларында дәрамат табыўы, онлайн маркетинг, мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў бойынша билим алыўына имканият береди.
Усы жерде кем тәмийинленген, имканияты шекленген жаслардың усы тараўды толық ийелеўи ушын шараятлар жетерли ме, деген ҳақылы сораў туўылыўы мүмкин.
Мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор менен биргеликте шөлкемлестирилип атырған грантлар, онлайн курслар, арнаўлы IТ лагерлер арқалы ҳәмме ушын теңдей имканиятлар жаратылмақта. Итибардан бираз шетте қалған ҳаял-қызлар турмысын оңлап алыўы, дәрамат табыўы ушын кәсиплерге оқытылмақта, санлы билим алмақта. "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасы бойынша бийпул оқыўлар шөлкемлестирилгени мине усындай апа-қарындасларымыз ушын ҳақыйқый сүйениш болды. Усы жылдың 6 айында 150 мыңнан аслам жаслар усы курсларда оқып, сертификат алды. Соннан 33 мыңы кем тәмийинленген шаңарақ перзентлери. Кейинги басқышта ең жоқары нәтийже көрсеткен 5 мың қәбилетли, кем тәмийинленген шаңарақ перзентлери таңлап алынып, 6 айлық бийпул интенсив курсларға оқытылады ҳәм бир жыллық жоқары тезликтеги интернет пенен тәмийинленеди. Олардың салмақлы бөлегин ҳаял-қызлар қурайды.
- Келешекте ҳаял-қызлар ушын жасалма интеллект, мағлыўматларды таллаў ҳәм робототехника бойынша арнаўлы платформаларды ислеп шығыў, аймақларда тәжирийбе арттырыў бағдарламаларын жолға қойыў ҳәм IТ мектеплер тармағын кеңейтиў режелестирилген, -дейди Жасурбек. - Мақсетимиз ҳаял-қызларды заманагөй кәсиплерге оқытыў, жоқары дәрамат табыўына тийкар жаратыў.
Мәмлекетимизде IТ оқыў орайларының саны 2023-жылы 225 болған болса, 2024-жылы 558 ге жетти. 2025-жылға келип болса олардың саны 613 ке жетти.
Усы жылы бул оқыў орайларында 18 мың 300 жас билим алды, олардың 8 мың 612 си жумыс орнына ийе болды. 192 и болса экспорт етиўши ири компанияларға жумысқа жайласты. Қуўанышлысы, олардың да ярымы ҳаял-қызлар.
Санлы технологиялар министрлиги тәрепинен ҳаял-қызларды заманагөй кәсиплерге таярлаў ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўында жоқары дәраматлы жумыс орынларына ийе болыўына жәрдемлесиў бойынша анық ҳәм системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Бул қызларымыз ерисип атырған жетискенликлерде көзге тасланбақта.
Мысал ушын, жақында Ташкент қаласындағы Амити университетиниң студенти Шукрона Алишерова Японияда өткерилген халықаралық “Women in Tech” илажының сыйлықлаў мәресиминде Өзбекстан атынан қатнасты. Бул илаж дүнья бойлап технология тараўындағы жетекши ҳаял-қызлар, инновационерлер ҳәм студентлерди бирлестиреди. Онда идеялар алмасылады, STEM бағдарларында гендер теңлигин үгит-нәсиятлаў мәселелери додаланады.
Бул халықаралық илаж ҳаял-қызларды технология тараўында қоллап-қуўатлаў, олардың жетекшилик потенциалын раўажландырыў ҳәм гендер теңлигин тәмийинлеўге қаратылған.
- Мен ҳаял-қызлар технологияда дөретиўши ҳәм дүньяны өзгертетуғын күш екенине исенемен, - дейди Шукрона. - “Women in Tech” - бул исенимди және де беккемледи ҳәм жаңа мақсетлерге қарай ҳәрекет етиўге ийтермеледи.
Технологиялық раўажланыў дәўиринде жасап атырмыз. Компьютер, интернет, мобил қурылмалар, жасалма интеллект турмысымыздың ажыралмас бөлегине айланып баратырған бир ўақытта потенциаллы қызларымыз өз қәбилетин халықаралық майданларда көрсетпекте. Бул олардың өзине болған исенимин беккемлейди, билими, ийгиликли, қайырлы басламаларын халықаралық көлемде алға қойыў имканиятын береди.
- Көркем өнер, санлы иллюстрация ҳәм анимация арқалы балалар билимлендириўи, экологиялық мәденият ҳәм миллий мийрасты ғалаба ен жайдырыўға ҳәрекет етемен, - дейди талантлы жасларымыздан және бири Зилола Ҳамидова. - Аfisha.uz ушын иллюстрациялар жаратқанман. “Meva”, “Doxter” сыяқлы мобил қосымшалар ушын графикалар ислегенмен. Қысқа метражлы мультфильмлер, атап айтқанда, "Бўйноқ" ҳәм "Автосаргузаштлар" жойбарларында постановкашы-художник сыпатында қатнастым.
Сондай-ақ, дөретиўшилерди бирлестиретуғын художниклер ҳәм креатив тараў адамларын өзинде жәмлеген топар шөлкемлестирдим. Бул майдан Өзбекстан ҳәм сырт елдеги жас художниклердиң биргеликте жумыс алып барыўына түртки болмақта.
Телеграмдағы “Zi” стикерлер топламы жәми 12 миллион мәрте пайдаланылған - бул да миллий образларымыздың санлы дүньяда ғалаба ен жайыўы ушын әҳмийетли қәдем есапланады.
Зилола Ҳамидова 2024-жылы художник ҳәм аниматор, жазыўшы ҳәм атқарыўшы сыпатында өзиниң дәслепки бийғәрез жойбары - "Тун-она алласи" атлы музыкалық китабын басып шығарды. Балалар ушын мөлшерленген бул китап үш музыканы өз ишине алған түйме форматында жаратылған. Китаптағы поэзиялық текстлер, иллюстрациялар ҳәм атқарыў оқыўшыға унамақта.
Соның менен шекленип қалмастан, китап тийкарында анимациялық фильм жаратылған - сүўретке алыў ҳәм продюсерлик жумысларын Хилоланың өзи орынлады. Кең жәмийетшиликтиң итибарына ерискен жойбар Жаслар күни мүнәсибети менен өткерилген рәсмий илажда Президентимизге таныстырылды.
Ҳилола усы күнлери "Уллы бабаларымның балалығы" атлы ири жойбар үстинде жумыс алып бармақта. Бул анимациялық жойбар уллы өзбек илимпазларының балалығы ҳаққында гүрриң етеди.
Ҳәзирги ўақытта ол еки тилдеги қосық текстлери тийкарында балалар ушын және бес жаңа китап таярламақта.
Мәмлекетимиз басшысы усы жылы Жаслар күнине бағышланған салтанатлы мәресимде нәўқыран әўлад ўәкиллерине қарата..."Жаңа технологиялар әсиринде ким утады? Тек ғана креатив пикирлейтуғын, заманагөй билим ҳәм кәсиплерди ийелеген қәнигелер утады," деди. Бунда жаратылған имканиятлардан пайдаланып, өзин көрсетип атырған Ҳилала сыяқлы жаслар нәзерде тутылған болса әжеп емес.
Мәмлекетимизде санлы миллий стратегияны әмелге асырыў, тараўды трансформациялаў жедел даўам етпекте. Бул процессте инсан капиталына, маман қәнигелер таярлаўға үлкен итибар қаратылмақта. Әсиресе, ҳаял-қызлардың табыслы идеялардың авторы бола алыўы билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, экология ҳәм басқа да тараўлардың раўажланыўына мүнәсип үлес болып қосылады. Себеби, олар таланты, нәзик ҳәм терең қәлби, исбилерменлик қәсийети менен турмыстағы көплеген социаллық машқалаларды тез аңлай алады, оларға нәтийжели шешим излейди. Гендер тең салмақлылыққа ерисиў, гуманитарлық мәселелердиң күн тәртибинде болыўы, санлы технологиялар миллий базары ушын жаратылған қолайлы орталық ҳәм шөлкемлестириў имканиятлары апа-қарындасларымыздың потенциалын жүзеге шығарыўда әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте.
Рисолат МАДИЕВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы