Топар басқышында сайланды командамыз Шри-Ланка, Бангладеш ҳәм Қытай Тайпейи сайланды командалары менен бирге беллести. Ушырасыўлар жуўмағында Өзбекстан хоккейшилери топарда екинши орынды ийелеп, ярым финалға шықты. Мине, усы нәтийже 2026-жылғы жазғы Азия ойынларына жоллама алыў ушын жетерли болды.
Бүгин жерлеслеримиз ярым финал ойынында бул ойынларда қатнасыўға кепиллик берген Оман сайланды командасына утылып қалды. Соған қарамастан, Өзбекстан сайланды командасы турнирде үшинши орын ушын гүрести даўам еттиреди.
Мағлыўмат ушын, 2026-жыл 19-сентябрь - 4-октябрь күнлери Японияда Аичи-Нагоя ХХ жазғы Азия ойынлары болып өтеди.