Өзбекстан - Жаңа Зеландия - 13:2 (Азимов, 4, 6, 32, 50, Тиллахужаев, 10, 33, Халевин, 13, Попов, 19, 51, Баҳодиров, 35, 51, Свазян, 37, Ғаниев, 58 - Браун, 12, 53).

Биринши бөлимниң өзинде-ақ Жаңа Зеландия сайланды командасы дәрўазасына бес шайба урылды. Бизде Салоҳиддин Азимов (дубль), Т.Тиллахужаев, Богдан Халевин ҳәм Илья Поповлар гол урған болса, жаңа зеландиялылардың бирден-бир голын О.Браун киргизди.

Екинши ойында хоккейшилеримиз және 4 шайба урды. Азимов үшинши, Тиллахужаев (дубль), Муҳаммадали Баҳодиров ҳәм Т.Свазян.

Бүгин Өзбекстан сайланды командасы үшинши ойынды Түркияға қарсы өткереди. Топардағы қалған ойынлардың нәтийжелери: Болгария - Гонконг - 0:11, Түркия - Израиль - 5:6. Өзбекстан ҳәм Израиль еки турдан кейин 6 очкодан, Гонконг, Түркия ҳәм Болгария 3 очкодан топлады. Турнир даўам етпекте. Бүгин жигитлеримиз Түркия менен ойнамақта. Жеңген жағдайда биринши орынға шығады. Әўмет!