Бул тән алыў аўыллық аймақларды турақлы раўажландырыў, тәбийғый мийрас ҳәм биологиялық көп түрлиликти сақлаў, инновациялық көзқараслар тийкарында жергиликли азық-аўқат системаларын раўажландырыў тараўындағы жетискенликлерди сәўлелендиреди. Нәтийжеде аўыллар ФАОның глобал тармағы - MuNe музейи ҳәм ФАОның Римдеги бас резиденциясы жанындағы азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы тармақларына қосылды.

MuNe платформасы тән алынған аўыллық аймақларды халықаралық көлемде үгит-нәсиятлаў, мәмлекетлер арасында билим ҳәм алдынғы тәжирийбелерди алмасыўға хызмет етеди.

- Аўылымыздың халықаралық көлемде тән алыныўы пүткил мәҳәлле ушын үлкен мақтаныш. Бул халықтың дәстүрлерди қәстерлеп сақлаў, тәбийғый ресурсларды қорғаў ҳәм турақлы дәрамат дәреклерин раўажландырыў бағдарындағы биргеликтеги ҳәрекетлериниң көриниси, -деди Новкент аўыл пуқаралар жыйыны баслығы Асқарали Азизов.

Соның менен бирге, ФАО Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте "Келешек әўлад ушын ақыллы аўыл хожалығы" жойбары шеңберинде инновациялық шешимлерди енгизиў арқалы аўыллық аймақларды раўажландырыўды қоллап-қуўатлаўды даўам еттирмекте.

Ферғана ойпатлығына сапар даўамында қыйтақ жердеги ыссыхана ийелерине заманагөй мийўе кептириў үскенелери тапсырылды. Соннан Наманган ўәлаятында 13, Әндижан ўәлаятында 10, Ферғана ўәлаятында 7 улыўма 30 комплект үскене тарқатылған.

Берилген үскенелер өнимниң сақланыў мүддетин созыў, қайта ислеў ҳәм қадақлаўды раўажландырыў, фермерлердиң дәраматын арттырыў, зүрәәттиң жоғалтылыўын азайтыў ҳәм базарларға шығыў имканиятын береди.

- ФАО бир неше жыллар даўамында бизди қоллап-қуўатлап келмекте, соның ишинде, ыссыхана шөлкемлестириўге жәрдем берди, бул болса өндирисимизди сезилерли дәрежеде жақсылады. Соның есабынан перзентлеримиздиң жоқары оқыў орынларында билим алыўын тәмийинлеўге еристик. Жаңа мийўе кептириў үскенеси өнимди қайта ислеў есабынан дәраматымызды буннан былай да арттырыў имканиятын береди, - деди Наманган ўәлаятынан келген жойбар қатнасыўшысы Гулчеҳрахон Маҳмудова.

Бул басламалар ФАОның инновацияларды алға қойыў, жергиликли жәмийетшиликти қоллап-қуўатлаў ҳәм Өзбекстанда турақлы агроазық-аўқат системаларын раўажландырыў бағдарындағы избе-из ҳәрекетлерин көрсетеди.