Фермерлердиң дала мектеплери Әндижан ўәлаятының Қорғантепа районы,
Наманган ўәлаятының Наманган районы ҳәм Ферғана ўәлаятының Ферғана районында
жумыс алып бармақта. Ҳәр бир мектеп жергиликли ислеп шығарыўшылардың талабы ҳәм
аймақтың аўыл хожалығы қәнигелесиўин есапқа алған ҳалда шөлкемлестирилген.
Әндижан ўәлаятында оқыў картошка жетистириўге, Наманган ўәлаятындағы мектеп
ресурс үнемлеўши ыссыхана хожалығына, Ферғана ўәлаятындағы әмелий шынығыўлар
малина жетистириўди раўажландырыўға бағдарланған.
Бул баслама
ФАОның Өзбекстандағы ўәкилханасы тәрепинен Ташкент мәмлекетлик аграр
университети менен биргеликте әмелге асырылып атырған "Қубла-Қубла бирге
ислесиўи ҳәм Ферғана ойпатында аўыл хожалығын турақлы раўажландырыў мақсетинде
үш тәреплеме бирге ислесиў" (UNUN/SEC/028/UND) регионаллық жойбары
шеңберинде әмелге асырылмақта. Жойбар Ферғана ойпатлығында жайласқан Өзбекстан,
Қырғызстан ҳәм Тәжикстан аймақларын бирлестиреди.
Фермерлердиң дала
мектеплеринде қатнасыўшылар таяр усынысларды үйрениў менен шекленбейди. Олар
мәўсим даўамында атыздағы егинлерди бақлап, жүзеге келген машқалаларды
қәнигелер менен биргеликте таллап, алынған нәтийжелер тийкарында еркин қарар
қабыл етиўди үйренеди. Бундай қатнас теориялық билимлерди жергиликли топырақ,
климат ҳәм өндирис шараятларына сәйкеслендириў имканиятын береди.
- Фермерлер дала
мектебиниң тийкарғы абзаллығы сонда, бул жерде фермер әпиўайы тыңлаўшы емес, ал
оқыў процесиниң белсенди қатнасыўшысына айланады. Ол мәдениятты бақлайды,
машқалалардың себеплерин талқылайды, шешимлерин сынақтан өткереди ҳәм өз
хожалығы ушын ең мақул вариантын таңлайды. Бул жаңа билимлерди әмелиятта
тезирек қолланыў имканиятын береди, - деп атап өтти жойбар координаторы Мухаммаджон
Қосимов.
Қорғантепа
районындағы фермерлердиң дала мектебинде қатнасыўшылар картошканы азықландырыў
ҳәм тәрбиялаў, топыраққа ислеў бериў, өсимликтиң өсиў басқышларын бақлаў,
кеселлик ҳәм зыянкеслерден интеграцияласқан ҳалда қорғаў мәселелерин үйренди.
Оқыўлар даўамында фермерлер өз атызларында ушырасып атырған машқалаларды да
додалады. Соның ишинде, картошка туқымгершилигиндеги айырым түйнеклердиң
жетерли дәрежеде өнип шықпаған жағдайлары көрип шығылып, мүмкин болған себеплер
талланып, алдағы агротехникалық илажлар бойынша усыныслар берилди.
Наманган районы
"Бешкапа" мәҳәллесинде шөлкемлестирилген фермерлердиң дала мектебинде
қатнасыўшылар ыссыхана ҳәм парниклерди мәўсимлик егиўге таярлаў, топыраққа
болған талаплар, дезинфекциялаў ҳәм егинлерди дурыс жайластырыў мәселелери менен
танысты. Ҳаўа ҳәм топырақ температурасы, ығаллық дәрежеси сыяқлы әҳмийетли
көрсеткишлерди турақлы бақлап барыў ҳәм есапқа алыўға айрықша итибар қаратылды.
Бул мағлыўматлар өним жетистириўшилерге суў, төгин ҳәм басқа ресурслардан
ақылға уғрас пайдаланыў, егинлерди тәрбиялаў бойынша өз ўақтында шешим қабыл
етиў имканиятын береди.
Ферғана районы
"Санаат" мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы “AL-VODILIY” малина
жетистириў кластериндеги шынығыўлар малина жетистириўдиң тийкарғы басқышларын
қамтып алды. Қатнасыўшыларға өсимликлердиң азықлық затларға болған талабын
анықлаў, төгинлерди дурыс қолланыў, нәллерди қәлиплестириў ҳәм путалаў,
кеселлик ҳәм зыянкеслерди турақлы қадағалаў бойынша әмелий усыныслар берилди.
Қәнигелер зыянкеслерге қарсы гүресиўдиң биологиялық, физикалық ҳәм химиялық
усылларын бирлестириў принциплерин түсиндирди.
Фермерлерди дала
мектеплеринде оқытыў тек ғана бир мәртелик сабақлар менен шекленбейди. Егиўден
өнимди жыйнаўға шекем болған дәўирде - "туқымнан туқымға шекем"
қатнасыўында қатнасыўшылар егинлерди бақлаўды даўам еттиреди, өзгерислерди
белгилейди, нәтийжелерди салыстырады ҳәм жаңа усылларды сынақтан өткереди. Бул
процесс фермерлер, илимпазлар ҳәм аўыл хожалығы қәнигелери арасында турақлы
тәжирийбе алмасыў майданын жаратады.
Бундай қатнас
фермерлерге климат өзгериўи менен байланыслы қәўип-қәтерлерге жақсырақ таярлық
көриў, жер, суў ҳәм басқа да өндирис ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў,
сондай-ақ, жергиликли шараятларға сәйкес келетуғын шешимлерди таңлаўға жәрдем
береди. Фермерлердиң дала мектеплеринде топланған әмелий тәжирийбе Ферғана
ойпатлығының басқа аймақларында да климатқа бейимлескен ҳәм турақлы дийқаншылық
әмелиятын кеңнен енгизиўге хызмет етиўи мүмкин.