Өзбекстанның аўыл хожалығы өнимлери Персия қолтығы базарларына шықпақта

    15 желтоқсан 2025 107

    Өзбекстан Республикасының Кувейттеги елшиханасының жәрдеминде Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Кувейттиң «Jameia dot com food stores company» компаниясы арасында бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.

    Бул ҳүжжет еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық байланысларды жаңа басқышқа алып шығыўы менен әҳмийетли.

    Келисим шеңберинде заманагөй ҳәм алдынғы санлы саўда каналларынан пайдаланған ҳалда Өзбекстанда жетистирилип атырған аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерин Кувейт ҳәм Персия қолтығы мәмлекетлериниң базарларына жеткерип бериў имканиятлары жаратылмақта.

    Атап айтқанда, жергиликли ислеп шығарыўшылардың өнимлери «Jameia dot com food stores company» компаниясының онлайн платформасы арқалы Персия қолтығы аймағындағы тутыныўшыларға усыныс етиледи.

    Бул, өз гезегинде, Өзбекстан өнимлерин сыртқы базарларға жедел алып шығыў, экспорт географиясын кеңейтиў, фермер ҳәм исбилерменлер ушын жаңа саўда имканиятларын ашыўға хызмет етеди. Әсиресе, миллий өнимлер санлы саўда системалары арқалы туўрыдан-туўры тутыныўшыларға жетип барады ҳәм экспорт нәтийжелилиги сезилерли дәрежеде артады.

    Атап өтилиўинше, «Jameia dot com food stores company» Кувейттеги азық-аўқат саўдасы тараўындағы заманагөй компания болып есапланады. Ол санлы саўда шешимлерин енгизиў, нәтийжели логистика системасының бар екенлиги, Персия қолтығы мәмлекетлерин қамтып алған жеткерип бериў тармағының раўажланғанлығы менен ажыралып турады. Компания аймақта онлайн саўданы раўажландырыўға айрықша итибар қаратпақта.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates