Өзбекстан туқымлары Шпицберген жер жүзилик туқым сақлағышына тапсырылды

    30 қазан 2025 326

    Өзбекстанның әййемги ҳәм жергиликли аўыл хожалығы егинлериниң туқым үлгилери Норвегияда жайласқан дүньядағы ең үлкен ҳәм қәўипсиз туқым сақлаў орайы болған Шпицберген (Svalbard Global Seed Vault) пүткил жер жүзилик туқым сақлаў орайына тапсырылды.

    Бул әҳмийетли баслама Өзбекстан Аўыл хожалығы министрлиги, Өсимликлер генетикалық ресурслары илимий-изертлеў институты, БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) ҳәм Nordic Genetic Resource Center (NordGen) арасындағы нәтийжели халықаралық бирге ислесиў шеңберинде әмелге асырылды.

    Туқымларды өткериў процеси Өзбекстанның аўыл хожалығы егинлериниң генетикалық ҳәр түрлилигин сақлаў, миллий генофондты беккемлеў ҳәм халықаралық дәрежеде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетлеринде әҳмийетли басқыш болды. Шпицбергенге тапсырылған туқымлар өзбек аўыл хожалығы мәдениятының бийбаҳа мийрасы - әййемги сортлар ҳәм жергиликли экотиплер болып есапланады.

    Коллекцияда қаўын, ғарбыз, помидор, бурыш, баклажан, гешир, пияз, бийдайдың 20 дан аслам жергиликли сортлары бар. Бул бағдарда жергиликли бийдайдың "Қайроқтуш" сорты айрықша әҳмийетке ийе.

    Өсимликлер генетикалық ресурслары илимий-изертлеў институтының жуўапкерлери бул баслама Өзбекстанның өсимликлер ҳәр түрлилигин сақлаў, глобал азық-аўқат қәўипсизлигине үлес қосыў ҳәм генетикалық ресурсларды келешек әўладлар ушын сақлаў бағдарындағы исенимли позициясынан дәрек беретуғынын атап өтти.

    Мағлыўмат ушын: Шпицберген жер жүзилик туқым сақлағышы Арктика музлықларында жайласқан болып, турақлы -18°С температурада ислейди. Ҳәзирги ўақытта бул жерде 1,1 миллионнан аслам туқым үлгилери сақланбақта. Сақлаў орны пүткил дүнья бойлап генбанклерде сақланып атырған туқымлардың резерв нусқаларын узақ мүддет сақлаў имканиятын береди.

    Бундай система тәбийғый апатшылықлар, урыслар, финанслық кризислер ямаса техникалық насазлықлар себепли аўыл хожалығы егинлериниң жоқ болып кетиў қәўпин азайтады ҳәм пүткил дүнья жүзин турақлы азық-аўқат пенен тәмийинлеўди кепиллейди.

    Шпицберген жер жүзилик туқым сақлағышы Норвегия ҳүкимети, Crop Trust ҳәм NordGen арасындағы үш тәреплеме келисим тийкарында басқарылады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates