Өзбекстан Республикасының ЖСШға ағза болыўы шеңберинде миллий нызамшылықты Жәҳән саўда шөлкеминиң келисимлерине муўапықластырыў бул шөлкемге ағза болыўдың тийкарғы шәртлеринен бири болып есапланады.
Бул нызам менен "Лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында"ғы нызамға қара ҳәм реңли металлардың сынықларын ҳәм шығындыларын ислеп шығарыў (сатып алыў), қайта ислеў, реализациялаў, сондай-ақ, тәбийғый газдиң көтере ҳәм усақлап сатыў саўдасы бойынша жумысты лицензиялаўды енгизиў менен байланыслы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Сондай-ақ, "Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы нызамға қара ҳәм реңли металлардың сынықларын ҳәм шығындыларын ислеп шығарыўға (сатып алыўға), қайта ислеўге, реализациялаўға, тәбийғый газди көтере ҳәм усақлап сатыўға лицензия алғаны ушын мәмлекетлик бажының муғдарларын белгилеўге байланыслы өзгерислер киргизилмекте.
Додалаў процесинде сенаторлар бул нызам қара ҳәм реңли металлардың сынықлары және шығындылары, тәбийғый газ бенен ислесиў тараўына жеке меншик секторды, жаңа инновацияларды ҳәм инвестицияларды тартыўға, сондай-ақ, бәсеки ҳәм ашық-айдын базар орталығын жаратыўға хызмет ететуғыны ҳаққында өз пикирлерин билдирди.
Додалаў жуўмағында Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.









