Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде мәмлекетлик мүлкти меншиклестириў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў, экономикада мәмлекеттиң қатнасын қысқартыў, жеке меншик сектордың үлесин арттырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў ушын қолайлы инвестициялық орталық жаратыў, мәмлекетлик активлерди меншиклестириў арқалы жеке меншикти кеңейтиў бойынша системалы реформалар әмелге асырылмақта.

Бос турған ҳәм нәтийжесиз пайдаланылып атырған объектлерди, соның ишинде, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың тараўлық емес активлерин жеке меншик секторға бериўди жеделлестириў мақсетинде мәмлекетлик мүлкти меншиклестириў процесслери де әпиўайыластырылмақта, бул жолдағы тосқынлықлар сапластырылмақта.

Тараўда алып барылып атырған реформалар шеңберинде қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер тийкарында әмелдеги нызамшылықты қайта көрип шығыў зәрүрлиги пайда болмақта.

Нызам менен Өзбекстан Республикасының 13 нызамына, Жер ҳәм Салық кодекслерине мәмлекетлик активлерди меншиклестириў ҳәм ижараға бериўди әпиўайыластырыў, тараўдағы исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Сенаторлар өзлериниң шығып сөйлеўлеринде бул нызам мәмлекетлик мүлкти меншиклестириў тараўын жақсылаўға, бул тараўда ўәкилликли уйымлардың ўәкилликлерин белгилеў арқалы жеке меншикти кеңейтиўге, мәмлекетлик активлер ҳәм жер участкаларын меншиклестириў және ижараға бериўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Буннан тысқары, нызам менен мәмлекетлик мүлк сыпатында дизимнен өткерилген бос турған жер участкаларына район (қала) ҳәкимликлериниң қарыздарлығы бойынша қадағалаў қолланылмайтуғыны, бул жер участкалары аукционда сатылғанда сатып алыўшыларға ҳеш қандай тосқынлықларсыз рәсмийлестирилетуғыны, жер салығы ҳәм мүлк салығы мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин бөлип-бөлип төлеген сатып алыўшылар тәрепинен усы объектлер ушын төленген суммаға пропорционал есапланатуғынына байланыслы өзгерислер нәзерде тутылмақта.

Өзбекстан Республикасы Жер кодексиниң 9-статьясына киргизилип атырған қосымшаға муўапық, Өзбекстан Республикасы Президентиниң халықаралық әҳмийетке ийе автомобиль жоллары бойындағы заманагөй хызмет көрсетиў комплекслери ҳәм сервис объектлерин, соның ишинде, жайластырыў қураллары, саўда-кеўилашар орайларды мастер-реже тийкарында жайластырыў ушын бос турған жер участкаларын электрон онлайн-аукцион саўдаларына шығарыў ҳаққындағы қарары тийкарында Министрлер Кабинетиниң қарары енди жерлердиң категориясын өзгертиўге тийкар болады.

Қызғын додаланған бул нызам мәмлекетлик мүлкти меншиклестириў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў арқалы меншиклестириў процесслерин жеделлестириў ҳәм экономикада жеке меншиктиң үлесин және де арттырыў имканиятын жаратады.

Сенаторлар тәрепинен нызам мақулланды.