баннер
19 Mar 2025
05:28

    Сенат Өзбекстанның ЕАРБға қосылыўы ҳаққындағы нызамды қабыл етти.

    Келисимниң тийкарғы мақсети - инвестициялық жумыс арқалы оған қосылған қатнасыўшы мәмлекетлердиң экономикалық өсиўине ҳәм олар арасындағы саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиўге жәрдемлесиў болып табылады.

    Сенатта "Өзбекстан Республикасының Евроазия раўажланыў банкин шөлкемлестириў ҳаққындағы Келисимге (Астана, 2006-жыл 12-январь) қосылыўы ҳаққында"ғы Нызам мақулланды.

    Келисимниң тийкарғы мақсети - инвестициялық жумыс арқалы оған қосылған қатнасыўшы мәмлекетлердиң экономикалық өсиўине ҳәм олар арасындағы саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиўге жәрдемлесиў болып табылады.

    Усы ҳүжжетке бола, усы банк өз жумысын халықаралық шәртнамалар, халықаралық ҳуқық, улыўма тән алынған банк жумысы принциплери ҳәм нормаларына муўапық әмелге асырыўы, сондай-ақ, Банк уставы усы Келисимге қосымша етилген ҳалда тастыйықланыўы нәзерде тутылған.

    Сондай-ақ, Банк Режесинде Евроазия раўажланыў банкиниң жумысы, мақсет ҳәм ўазыйпалары, функциялары, жеңилликлери, устав капиталы ҳәм оған жазылыў шәртлери және Банк басқарыўына байланыслы тәртип-қағыйдалар белгиленген.

    Буннан тысқары, Евроазия раўажланыў банки қатнасыўшы мәмлекетлердиң экономикасы ҳәм финанс базарларының жағдайы, олардың инвестициялық имканиятлары, ақша-кредит ҳәм валюта қатнасықлары, банк ҳәм валютаны тәртипке салыў тараўындағы нызамшылық нормалары ҳаққындағы мағлыўматларды топлаўы, системаластырыўы ҳәм таллаўы белгиленбекте.

    Нызамның қабыл етилиўи Өзбекстанның Евроазия раўажланыў банкине ағза болыўы ушын ҳуқықый тийкар жаратыўға, оның жумысы шеңберинде толық ҳәм нәтийжели қатнасыў ҳуқықын тәмийинлеўге, сондай-ақ, Банкке ағза мәмлекетлердиң экономикалық өсиўине жәрдемлесиўге, саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў ҳәм инвестициялық жумыс арқалы Евроазия аймағында интеграция процесслерин раўажландырыўға хызмет етеди.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech