Сенат Салық кодексине киргизилип атырған өзгерислер менен бир қатар жеңилликлерди мақуллады

    19 желтоқсан 2024 174

    Нызам менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң ямаса Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарына тийкарланып берилетуғын бюджет субсидиялары жәми дәрамат қурамына киргизилмейтуғыны нәзерде тутылмақта.

    Сенаттың екинши жалпы мәжилисинде "Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

    Усы Нызам менен Салық кодексине қосымша дәреклерден дәрамат алатуғын бюджет шөлкемлери ушын белгиленген салық ставкаларының әмел етилиўин 2027-жылдың 1-январына шекем созыў, сондай-ақ, улыўма дәраматтың шегаралық муғдарын 5 миллиард сумнан 10 миллиард сумға шекем белгилеў, усы дәрамат бар болған жағдайда салық төлеўшилер ҳәр айлық аванс төлемлерин толық шерек өткеннен кейин төлемин нәзерде тутыўшы өзгерислер киргизилмекте.

    Нызам менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң ямаса Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарына тийкарланып берилетуғын бюджет субсидиялары жәми дәрамат қурамына киргизилмейтуғыны нәзерде тутылмақта.

    Буннан тысқары, өз қаржылары есабынан мәмлекетлик емес улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң имаратларын қурыў менен байланыслы қәрежетлерге пайда салығы бойынша ўақытша салық жеңилликлери берилмекте.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары менен тастыйықланатуғын дизим бойынша протез үскенелери ҳәм олардың комплектлеўши, аўысық бөлеклерин Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириў ҳәм Өзбекстан Республикасы резидентлери болған вагонлар (контейнерлер) операторларының темир жол транспортында тасыў процесинде вагонларды (контейнерлерди) ижара шәртлери тийкарында пайдаланыўға бериў бойынша хызметлер көрсетиў айланысы қосымша айланысы қосымша қун салығын төлеўден ўақтынша азат етилмекте.

    Мәжилисте бул нызам сенаторлар тәрепинен қызғын додаланды ҳәм билимлендириў системасын жетилистириў ушын қосымша шараятлар жаратыў ҳәм халыққа көрсетилип атырған транспорт хызметлериниң сапасын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе екени айрықша атап өтилди.