Сенатта Ўатанымыз пидайыларының перзентлериниң қатнасыўында 1-июнь - Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди

    1 маусым 2025 1138

    1-июнь - Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева өз хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң перзентлери менен ушырасыў өткерди.

    Мәмлекетимизде бала ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеў, балаларды қорғаў ушын барлық зәрүр шараятларды жаратыў мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады.

    Миллий нызамшылығымызда бала ҳуқықлары менен байланыслы болған нызам ҳүжжетлериниң саны 40, нызам асты ҳүжжетлериниң саны 500 ден аслам.

    Соның ишинде, "Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында"ғы, "Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили (Балалар омбудсманы) ҳаққында"ғы нызамлар қабыл етилген.

    Тараўда алып барылған реформалар нәтийжесинде 23 Меҳрийбанлық мәкемеси ҳәм балалар үйиниң жумысы сапластырылды. Бул бағдарда баланың шаңарақ орталығында тәрбияланыўын тәмийинлеўге қаратылған социаллық қорғаў системасы жолға қойылды.

    Илажда Қорғаныў министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер ҳәм Айрықша жағдайлар министрлигиниң өз хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында өмирин бағышлаған әскерлериниң перзентлери менен қызғын пикирлесиў өткерилди. Ҳәр бир бала мәмлекет қорғаўында, оның билим алыўы, денсаўлығы, турмыс сапасы бәрқулла итибарда екени атап өтилди.

    Илаж даўамында Олий Мажлис Сенатының Баслығы балалар менен қызғын сәўбетлесип, олардың пикирлери ҳәм арзыў-нийетлерин тыңлады, келешектеги режелери менен танысты.

    Мәмлекетимизде хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң шаңарақларын қоллап-қуўатлаў ҳәм оларды социаллық қорғаў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Соның ишинде, Қорғаныў министрлиги тәрепинен 2024-жылы 64, 2025-жылы болса 47 әскерий хызметкердиң перзентлерине жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў ушын усыныснамалар берилди.

    Сондай-ақ, қайтыс болған әскерлердиң шаңарақ ағзалары ҳәм перзентлери әскерий емлеўханаларда турақлы медициналық тексериўлерден өткерилмекте, зәрүр жағдайларда емлениўи тәмийинленбекте.

    Олардың 15 шаңарақ ағзасы ушын санаторийлерде бийпул дем алыс шөлкемлестирилген. Жазғы дәўирде болса 37 перзенти саламатландырыў дем алыў орайларында бийпул дем алыў имканиятына ийе болды, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    Илаж соңында балаларымыз байрам дастурханына мирәт етилди ҳәм оларға естелик саўғалары тапсырылды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates