Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективалары додаланды, онда парламентлераралық қарым-қатнасты беккемлеўге айрықша итибар қаратылды.

Соның ишинде, "Япония - Өзбекстан" дослық топарларының жумысын жеделлестириў, парламент комитетлери арасында турақлы сөйлесиўди жолға қойыў, сондай-ақ, нызам дөретиўшилиги, парламентлик қадағалаў ҳәм аймақлық ўәкилликли уйымлардың жумысы тараўларында тәжирийбе алмасыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.