Сенатта ЮНИСЕФ атқарыўшы директоры менен ушырасыў болып өтти

    Быйыл 26-май күни Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Балалар қоры (ЮНИСЕФ) атқарыўшы директоры Кетрин Рассел менен ушырасыў өткерди.

    Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм ЮНИСЕФ арасында балалардың ҳуқықларын қорғаў, социаллық қорғаў системасын жетилистириў, ана ҳәм бала саламатлығын қорғаў, инклюзив ҳәм сапалы билимлендириўди енгизиўге қаратылған бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

    Имканияты шекленген балаларды социаллық қорғаў, инклюзив жойбарларды әмелге асырыў, тараўда кадрлар таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    Тәреплер балалардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўға қаратылған халықаралық форумлар менен илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша биргеликте әмелге асырылатуғын жумысларды жеделлестириўден өз-ара мәпдар екенин тастыйықлады.

    Ушырасыў жуўмағында әмелий жойбарларды әмелге асырыў арқалы Өзбекстан ҳәм ЮНИСЕФ арасында конструктивлик ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди беккемлеўге келисип алынды, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.