Онда Сенаттың екинши жалпы мәжилисин 2024-жыл 18-декабрьде шақырыў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Атап өтилгениндей, видеоконференцбайланыс системасынан пайдаланған ҳалда өткерилетуғын жалпы мәжилисте бир қатар мәселелерди додалаў нәзерде тутылған.
"2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында"ғы, "Салық ҳәм бюджет сиясатының 2025-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарлары қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы, "2024-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы нызамлар усылардың қатарына киреди.
Сенаторлар жалпы мәжилисте "Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы, "Космослық жумыс ҳаққында"ғы, "Ипотека кредити базарының буннан былай да раўажландырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызамларды да көрип шығады.
Сондай-ақ, жалпы мәжилис күн тәртибинде "Корпоратив қатнасықлардың ҳуқықый тийкарлары еле де жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы, "Сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў системасы жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы, "Адам саўдасы жынаяты ушын жаза илажлары күшейтилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 135-статьясына өзгерис киргизиў ҳаққында"ғы ҳәм "Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызамлар да орын алған.
Буннан тысқары, жалпы мәжилис күн тәртиби шеңберинде Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызамлар да додаланады.
Соның менен бирге, сенаторлар Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң бир қатар қарарларын тастыйықлаў мәселесин де көрип шығады, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.