баннер
17 Mar 2025
11:29

    Сенаттың гезектеги жалпы мәжилиси қашан болыўы мәлим болды

    Сенаттың бесинши жалпы мәжилиси 2025-жыл 17-март күни шақырылады.

    Жалпы мәжилис видеоконференцбайланыс системасынан пайдаланған ҳалда өткериледи. Онда бир қатар мәселелерди додалаў нәзерде тутылған.

    Жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев тәрепинен Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси мәжилисинде белгилеп берилген тийкарғы бағдарлардан келип шығып, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери алдында турған ўазыйпалар көрип шығылады.

    Сондай-ақ, Суў кодексин тастыйықлаў, аўыл хожалығы қәўип-қәтерлерин қамсызландырыў, кредиторлардың гиреў менен тәмийинленген талапларын қанаатландырыў системасын және де жетилистириўге байланыслы әҳмийетли нызамлар додаланады.

    Сенаторлар тәрепинен зергерлик санаатын буннан былай да раўажландырыў ҳәм жолларда ҳәрекетлениў қәўипсизлигин тәмийинлеўге және жәмийетлик транспорттан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған нызамлар да көрип шығылады.

    Буннан тысқары, жалпы мәжилисте судлар жумысының және пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепилликлерин күшейтиўге, қамаққа алынғанларға қыйнаў жағдайларының алдын алыўға қаратылған нызамларды да додалаў режелестирилмекте.

    Жалпы мәжилистиң күн тәртиби шеңберинде Олий Мажлис Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) ҳәм Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили (Балалар омбудсманы) ниң 2024-жылдағы жумысы бойынша баянатлары тыңланады.

    Сондай-ақ, бир қатар халықаралық шәртнамаларды ратификациялаўға байланыслы, өзин-өзи бәнт етиў тәртибинде мийнет етиўди әмелге асырыўдың айырым мәселелери бойынша ҳүкиметке жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери менен байланыслы мәселелер де жалпы мәжилистиң күн тәртибинен орын алған.

    Жалпы мәжилисте көрилетуғын мәселелер мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалардың баслы өлшеми - Инсан қәдири ҳәм ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардың ҳуқықый тийкарларын буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech