Үш палўанымыз Өзбекстан чемпионы болды

    Спорт 24 наурыз 2025 318

    22-23-март күнлери Ташкент қаласында спорттың Самбо түринен ветеран спортшылар арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.

    Чемпионатқа мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан күшли палўанлар қатнасып, жарыс жеңимпазлығы ушын өз-ара күш сынасты.

    Кескин өткен беллесиўлер жуўмағында, қарақалпақстанлы спортшылар арасында Ж.Қанияров, Р.Қалимбетов ҳәм И.Қудияровлар өз салмақ категориялары бойынша биринши орынды ийелеп, Өзбекстан чемпионы атағына миясар болды.

    Ал, Н.Адилбаев, З.Балжанов ҳәм Н.Даўлетяровлар гүмис, А.Усенов ҳәм М.Тлеповлар сыйлы қола медалын қолға киргизиўге еристи.

    Республикамыздың палўанларын бул жарысқа белгили тренер Сансызбай Юсупов таярлады.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates