Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги, Туризм комитети ҳәм Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген қурылтайда республикамыздың 14 аймағынан және Россия Федерациясы, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан Республикаларынан келген 1000 нан аслам жаслар қатнаспақта.
Илаж шеңберинде дәслеп баспасөз әнжуманы болып өтти. Онда бул ретки қурылтайдың әҳмийети, алдынғы қурылтайлардан өзгеше тәреплерине айрықша тоқтап өтилди. Сондай-ақ, "Биз, бир топарымыз - сәлем, қурылтай" сүрени астындағы сапар шеңберинде жергиликли ҳәм сырт елли жаслардан ибарат топарлар өз аймақларын көргизбели шығыўлар арқалы таныстырды. Онда миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлер, экологиялық жағдай ҳәм қоршаған орталықты қорғаў менен байланыслы машқалаларға айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, қурылтай даўамында ҳәр бир аймақ өз миллий стендлерин көрсетти. Экологиялық ҳәм туризм потенциалы сәўлеленген, миллийликке қаратылған стендлер төрешилер тәрепинен баҳаланды.
Буннан тысқары, қурылтай тарийхында биринши мәрте «TEDxQurultoy» жойбары таныстырылды. Онда ҳәр бир жәмәәттен жаслар өзлери гүўа болған ҳәр қыйлы машқалалы мәселелерге итибар қаратты. Соның менен бирге, қатнасыўшылар Орайлық Азия жасларының туризм ҳәм экология ассоциациясы («Central Asian tourism and ecology youth association») нызам жойбары менен танысты ҳәм ассоциацияның жергиликли және сырт елли баслықлары сайланды.
Соның менен бирге, жаслардың экологиялық мәдениятын буннан былай да арттырыўға қаратылған семинар да шөлкемлестирилди. Онда Экология министриниң орынбасары Жусипбек Казбеков, министрликтиң департамент баслығы Баҳром Холхўжаев ҳәм министрликтиң Климат өзгериўи миллий орайының Уллы британиялы менеджери Чарлз Норман жасларға өз тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурсларды сақлаў бойынша әҳмийетли усыныслар берди.
Қурылтайдың рәсмий ашылыўына бағышланған салтанатлы мәресимде республикамыздың ҳәр бир аймағынан сайланған "Жас туризм елшилери" ҳәм "Жас экологлар ҳәрекети" кеңеслериниң баслықларына исеним жарлықлары тапсырылды, деп хабар береди Туризм комитетиниң баспасөз хызмети.
Қурылтай 16-августқа шекем даўам етеди. Қатнасыўшылар түрли семинарлар, интеллектуаллық ойынлар, жойбарлар презентациялары, жарыслар ҳәм басқа да илажлар арқалы өз билимлерин және де беккемлейди, идеяларын әмелге асырады ҳәм өз-ара тәжирийбе арттырады.









