Бир неше секунд ишинде асфальт төменлей баслады, қала халқы ҳаўлығып, тезлик пенен өсип баратырған қуйыннан тым-тырақай болып тарқаса баслады.
Ўақыя Минхан районында, Цисинь ҳәм Лянь-роуд көшелериниң кесилиспесинде жүз берген. Ғалаба хабар қуралларының мағлыўматларына қарағанда, қулаўға жақын жердеги қурылыс себеп болған болыўы мүмкин. Жолдың астына метро жолы тартылмақта. Алдын бул аймақта жер асты суўларының ағып өтиўи анықланған, үлкен итимал менен, олар топырақтың жуўылыўына ҳәм қапламасының қулаўына алып келген.
Жергиликли ҳәкимияттың мәлим етиўинше, ҳәдийсе ақыбетинде ҳеш ким набыт болмаған ҳәм жарақатланбаған. Ўақыя жүз берген орын қоршап алынды. Ол транспорт ҳәм пиядалар ҳәрекети ушын ўақтынша жабық. Қытай темир жол туннельлер басқармасы қурылып атырған «Цзяминь» линиясы жанында авариялық жумысларды әмелге асырды, деп жазбақта mir24.tv.
Бундай жағдай 22024-жылы Шанхайда январь айында жүз берген еди. Ол ўақытта жол труба жарлыўы ақыбетинде 10 метр шуқырды пайда еткен. Экспертлердиң анықлаўынша усындай ойылыўлардың 70% Қытайда 2017-2023 –жыллар аралығында адамлардың ис ҳәрекети арқсында болған, деп хабар береди Lokmat Times