Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәресим қатнасыўшыларына видеомүрәжат жоллады.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң қутлықлаўында Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев ҳәм Армения Республикасының Бас министри Никол Пашинанды усы сыйлық пенен қутлықлаған.

Бул сиясий жетекшилердиң көп жыллық тартысты ақылға уғрас шешиў ҳәм тынышлыққа ерисиўге қаратылған биргеликтеги ҳәрекетлери ҳақылы түрде бундай абырайлы сыйлыққа миясар болды, - деди мәмлекетимиз басшысы.

- Ерисилген келисим оғада қурамалы машқалаларды шешиўге жуўапкершилик пенен қатнас жасаўдың айқын үлгиси, кең регионымызда турақлылықты беккемлеў жолындағы ҳақыйқый тарийхый қәдем болды.

Тек ғана аўызбиршилик, өз-ара қоллап-қуўатлаў ҳәм шериклик арқалы халықларымыздың улыўма абаданлығын тәмийинлеў мүмкин", - деди Президентимиз мәресим қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўында.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан ҳәр қандай келиспеўшиликлерди тек ғана сиясий-дипломатиялық жол менен, халықаралық ҳуқық ҳәм жақсы қоңсышылық принциплери тийкарында шешиў тәрепдары екенин атап өтти.

Бирлескен Араб Әмирликлери басшылығының халықаралық майданда гуманитарлық басламаларды жедел алға қойыў ҳәм сөйлесиў мәдениятын избе-из беккемлеўге қосып атырған үлеси айрықша атап өтилди.