Шаҳбоз Шариф: Пакистан Қатардың өз суверенитетин қорғаў ушын ҳәр қандай ҳәрекетин қоллап-қуўатлаўға таяр

    12 қыркүйек 2025 1399

    Пакистан Қатар тәрепинен оның суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигин қорғаў бойынша көрилип атырған барлық илажларды қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди.

    Бул ҳаққында Пакистан Бас министри Муҳаммед Шаҳбоз Шариф Қатар әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Соний менен Дохада өткерилип атырған сөйлесиўлерде айтып өтти, деп хабар бермекте Report Қатардың QNA агентлигине тийкарланып.

    Тәреплер региондағы соңғы ўақыялар, атап айтқанда, Израилдың жақында Қатар пайтахтына әскерий ҳүжимлери, тынышлық ҳәм турақлылыққа ерисиў бағдарындағы ҳәрекетлерди додалады.

    Пакистан Бас министри Қатар ҳәм оның халқы менен толық тилеклес екенин билдирип, Доханың өз суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигин қорғаў жолындағы барлық қәдемлерин қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.

    Ол Израилдың жақындағы ҳүжими Қатар суверенитетин қопал түрде бузғаны, халықаралық ҳуқыққа қайшы келиўи, регионаллық қәўипсизликке де, Жақын Шығыста тынышлық орнатыў перспективаларына да зыян келтиретуғынын айрықша атап өтти.

    Шариф Қатар әмириниң регионда турақлылықты тәмийинлеў ҳәм тынышлық басламаларын алға қойыўға қаратылған ҳәрекетлерин жоқары баҳалады.

    Тәреплер еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў ҳәм оларды барлық тараўларда беккемлеў жолларын додалады, сондай-ақ, ҳәзирги ўақыттағы регионаллық ҳәм халықаралық ўақыялар, атап айтқанда, Жақын Шығыстағы жағдай бойынша пикир алысты.

    Еслетип өтемиз, Шаҳбоз Шариф 9-сентябрь күни Израиль ҳүжими мүнәсибети менен Қатар халқына тилеклеслик билдириў ушын бүгин Дохаға бир күнлик сапар менен келген еди. Израиль ҳаўа күшлериниң самолётлары Қатар пайтахты Дохаға бир қатар соққылар берди Қатар пайтахты Доха қаласында АҚШтың Ғаза секторында оқ атыўды тоқтатыў ҳаққындағы усынысы бойынша ҲАМАСтың сөйлесиўлери болып өтти. Израилда операцияны "Отлы саммит" деп атады ҳәм барлығы сапластырылыўын мәлим етти, деп жазбақта report.az.