Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 31-март күни Хоженд қаласына әмелий сапары тарийхый әҳмийетке ийе. Өйткени, еки мәмлекет арасындағы көп қырлы бирге ислесиў жоқары дәрежеге көтерилген сапар даўамында оғада әҳмийетли келисимлерге ерисилди.

Бириншиден, еки мәмлекет Президентлери жанында сыртқы сиясат уйымларының басшылары Өзбекстан менен Тәжикстан арасында Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнаманың күшке кириўи ҳаққындағы билдириўге қол қойды.

Екиншиден, сапар шеңберинде мәмлекетлик шегаралардың тутасыў ноқаты ҳаққындағы шәртнамаға да қол қойылды. Өйткени, бул келисимге ерисиў ушын бираз ўақыт ҳәм мийнет жумсалды.

Бул процессте, әлбетте, Өзбекстан Президентиниң регион мәмлекетлери арасында жақсы қоңсышылық ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған сиясаты және регионды бирден-бир мәканда бирлестириў бағдарындағы ҳәрекетлери шешиўши әҳмийетке ийе болды.

Үшиншиден, халықларымыз арасындағы мәңги дослықты сәўлелендиретуғын Дослық стеласы монументиниң салтанатлы ашылыўы болды. Бул да усы идеяның әмелий көриниси болды.

Тийкарғысы, бул келисимлер Орайлық Азияда пүткиллей жаңаша исеним, дослық ҳәм жақсы қоңсышылық орталығын жаратыў имканиятын берди.

Буны тиккелей аўыл хожалығы тараўы мысалында таллайтуғын болсақ, көплеген қолайлы имканиятлар жүзеге келгенин көремиз. Бәринен бурын, регионда 240 миллион гектарға шамалас жер бар. Бул - аўыл хожалығында пайдаланыў мүмкин болған майдан. Оның тек ғана 4 проценти суўғарылатуғын жер. Тилекке қарсы, қалған майданнан толық пайдаланылмай атыр. Себеби, суў тамтарыслығы машқаласы бар.

Бул сапар етиў мине усы машқалаларды шешиўге жәрдем бериўи менен де әҳмийетли. Себеби, тәбийий ресурслардан үнемли пайдаланыў аўыл хожалығының раўажланыўы, ақыр-аяғында, халықтың абаданлығы, азық-аўқат қәўипсизлиги, экономикалық турақлылықты тәмийинлеўде жүдә әҳмийетли.

Қалаберди, регион мәмлекетлери арасында аўыл хожалығында илим жетискенликлерин бөлисиў, өз-ара тәжирийбе алмасыў ушын, әлбетте, бирге ислесиў зәрүр. Оның ушын шегаралар ашық, турақлы барыс-келис, қарым-қатнас болыўы керек.

2024-жылы Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы товар алмасыўдың баҳасы 700 миллион доллардан асқан. Қоңсымыз бенен бирге ислесиўде санаат, энергетика, электротехника ҳәм басқа да бир қатар тийкарғы тараўлар менен бир қатарда, аўыл хожалығы бағдарында да кооперация жойбарлары табыслы әмелге асырылмақта.

Аўыл хожалығындағы саўда айланысына итибар қаратсак, кейинги 8 жылда өз-ара импорт-экспорт көрсеткиши 10 есеге артқанына исеним пайда етемиз. Мәселен, Тәжикстан ҳәм Қырғыз Республикалары менен мийўе-овош, азық-аўқат өнимлери бойынша саўда ҳәр жылы кеминде 20-30 процентке артпақта. Әлбетте, бул шегаралардың ашықлығы, жақсы қоңсышылық байланысларының жолға қойылғаны, бир-биримизди жақсы түсинетуғынымыздан дәрек береди. Ең тийкарғысы, улыўма базарлардан нәтийжели пайдаланылмақта.

Сөйлесиўлерде үш тәреплеме саўда майданын шөлкемлестириў, санаат ҳәм аўыл хожалығы өнимлериниң турақлы жумыс алып баратуғын көргизбе-ярмаркасын жолға қойыў мәселесин үйрениў усыныс етилди.

Бул да, өз гезегинде, регион халықларының турмыс дәрежесин жақсылаўға хызмет етеди. Қалаберди, үш мәмлекет халқы арасындағы исеним ҳәм дослық қатнасықларын беккемлейди.

Иброҳим АБДУРАХМАНОВ,

аўыл хожалығы министри