Шерзод Асадов Президенттиң Конституция күни мүнәсибети менен жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди

    6 желтоқсан 2024 715

    8-декабрь - Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни мүнәсибети менен бүгин салтанатлы илаж шөлкемлестирилди.

    Онда Президент Шавкат Мирзиёевтиң халқымызға байрам қутлықлаўын Президент баспасөз хаткери Шерзод Асадов оқып еситтирди.

    Мәмлекетимиз басшысының қутлықлаўында пүткил халқымызға қызғын тилеклер билдирилип, бул әййям сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық, руўхый-ағартыўшылық турмысымызда үлкен өзгерислер әмелге асырылып атырған тарийхый шараятта өтип атырғаны атап өтилген.

    Бул әҳмийетли өзгерислер айрықша атап өтилип, реформаларды жедел даўам еттириў, жаңаланған Конституциямыз нормаларын турмысқа енгизиў буннан былай да итибар орайында болатуғыны айтылды.

    "Халқымыздың ҳуқықый пикири, ерк-ықрарының айқын тымсалы ҳәм әмелий көриниси болған Тийкарғы Нызамымыз бенен ҳәр қанша мақтансақ арзыйды. Бул бийбаҳа нызамның ҳәр бир статьясы менен қағыйдасын үйрениў, оларға ҳүрмет, меҳир ҳәм итибар менен қатнаста болып, толық орынлаў бәршемиз ушын муқаддес миннет ҳәм нормаға айланыўын қәлер едим," - делинеди Президентимиздиң қутлықлаўында.

    Байрам илажында Олий Мажлис ағзалары, Президент Администрациясы, мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.