Ушырасыўда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетлик сиясаттың ашық-айдынлығы сезилерли дәрежеде күшейтилгени, сөз еркинлиги кепилликлери беккемленип атырғаны, ғалаба хабар қуралларының еркин ҳәм профессионал раўажланыўы ушын шараятлар жаратылып атырғаны атап өтилди.
Тәреплер 13-14-ноябрь күнлери Ташкент қаласында болып өтетуғын ЕҚБШның "Мәлимлеме ҳәм турақлы жәмийетлер ушын ҒХҚның өмиршеңлигин тәмийинлеў" темасындағы 25-Орайлық Азия медиа конференциясына таярлық көриў мәселесин додалады. Өзбекстан мине усындай абырайлы регионаллық майданды қабыл етип атырғаны, бул мәмлекетимиз сөз еркинлиги ҳәм медиа орталығын раўажландырыў тараўында алға илгерилегенинен дәрек екени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Конференция медиа турақлылығы, журналистлер жумысы, медиа сектордың экономикалық тийкарлары ҳәм жәмийетти исенимли мәлимлеме менен тәмийинлеў мәселелерин ҳәр тәреплеме додалаў имканиятын береди.
Ушырасыў даўамында Шерзод Асадов әмелге асырылып атырған реформалар: стратегиялық коммуникациялар, медиа саўатлылық ҳәм фактчекингти раўажландырыў, сырт ел ҳәм халықаралық ғалаба хабар қуралларының жумысы ушын қолайлы шараятлар жаратылғаны ҳаққында мағлыўмат берди. Жалған мәлимлемеге қарсы гүресиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, келешектеги бирге ислесиў перспективалары: тәжирийбе алмасыў, журналистлердиң маманлығын арттырыў, қоспа тренинглер ҳәм билимлендириў бағдарламаларын өткериў, ЕҚБШның жетекши экспертлериниң Өзбекстандағы илажларда қатнасыўы додаланды.
Тәреплер келешекте де ашық ҳәм конструктивлик сөйлесиўди даўам еттириўге таяр екенин атап өтти.






