Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң баспасөз хаткери Шерзод Асадов мәлим етти.

Санлы орталықтың жедел өзгериўи шараятында мәлимлеме хызметлеринен оперативлик, интакерлик ҳәм жоқары кәсиплик жуўапкершилик талап етилмекте. Жәмийетлик әҳмийетке ийе мәлимлемени өз ўақтында, анық ҳәм түсиникли жеткериў, жүз бериўи мүмкин болған кризисли жағдайларға алдыннан таярлық көриў, ғалаба хабар қураллары менен конструктивлик бирге ислесиў, мәлимлеме ашық-айдынлығы ҳәм қәўипсизлиги арасындағы тең салмақлылықты тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Мәлимлеме хызметлериниң жумысын аналитикалық үйрениў нәтийжелерин көрип шықты. Журналистлер ҳәм жәмийетшилик пенен ашық-айдын сөйлесиў олардың тийкарғы ўазыйпасы, бул жумыслардың сапасы олардың жумыс нәтийжелилигин баҳалаўдың тийкарғы өлшеми екени атап өтилди. Додалаў жуўмағында билдирилген усынысларды улыўмаластырыў ҳәм оларды әмелге асырыў бойынша анық илажлар режесин ислеп шығыўға келисип алынды.

Бүгин семинарда жасалма интеллекттен ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў, санлы қураллар жәрдеминде контент жаратыў, мәлимлемени таллаў ҳәм коммуникация процесслерин жетилистириўге бағышланған презентациялар өткериледи. Мақсет - мәлимлеме хызметлери қәнигелериниң билим ҳәм тәжирийбесин кеңейтиў, жәмийетшилик пенен ашық, исенимли ҳәм нәтийжели сөйлесиўди жолға қойыў.