Ол журналистлер, медиа қәнигелери ҳәм жас қатнасыўшыларды оқыў
бағдарламасын табыслы жуўмақлағаны менен қутлықлады.
- Президентимиз Шавкат Мирзиёев ҳәм Қатар Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол
Сонийдиң дослық ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған избе-из
ҳәрекетлери себепли мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар барған сайын
беккемленип бармақта. “Al Jazeera” медиа институты ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы
тәрепинен шөлкемлестирилген медиа ҳәптелик жоқары дәрежеде ерисилген
келисимлерди әмелге асырыў шеңбериндеги жойбарлардан бири болды.
Ҳәптелик даўамында қатнасыўшылар мобиль журналистика, жасалма интеллектти
қолланыў, санлы медиа ҳәм визуал контент жаратыў бойынша билим ҳәм
көнликпелерин арттырды. Бул тәжирийбени күнделикли жумысымызда қолланыў, жаңа
идеяларды сапалы медиа өнимге айландырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Бул
Президентимиздиң басшылығында миллий медиа тараўын раўажландырыў,
журналистлердиң кәсиплик потенциалын арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған
жумысларға үнлес болып есапланады.
Илажда оқыў бағдарламасын табыслы тамамлаған қатнасыўшыларға
сертификатлар тапсырылды.
Институт директоры доктор Иман Ал-Амирий, тренер
ҳәм экспертлерге бирге ислесиў ҳәм билим және тәжирийбе бөлисиўге таярлығы ушын
миннетдаршылық билдиремиз. Барлық қатнасыўшыларға дөретиўшилик илҳам, кәсиплик
табыслар ҳәм жаңа жетискенликлер тилеймиз!" - деп атап өтти Шерзод Асадов.