Атап өтилиўинше, мәжилисте Беларус Республикасы, Ҳиндстан Республикасы, Иран Ислам Республикасы, Қазақстан Республикасы, Қытай Халық Республикасы, Қырғызстан Республикасы, Пакистан Ислам Республикасы, Россия Федерациясы, Тәжикстан Республикасы Жоқары судларының баслықлары ҳәм судьялары, ШБШның сөйлесиў бойынша бирге ислесиўши мәмлекетлер - Әзербайжан ҳәм Түркия Жоқары судларының баслықлары, ШБШ Секретариаты ҳәм ШБШ Регионаллық антитеррор структурасы атқарыў комитетиниң ўәкиллери қатнасты.
Дослық ҳәм исшеңлик орталығында, өз-ара түсинисиў ҳәм исеним руўхында өткен мәжилисте тәреплер улыўма пайдалы әдил судлаўдың әҳмийетли мәселелерин додалаў менен бирге суд уйымларының ҳуқықтың түрли бағдарлары бойынша бирге ислесиў перспективалары да көрип шығылды.
Бүгинги әнжуманда киберқәўипсизликке байланыслы мәселелер додаланып, қатнасыўшылар бир аўыздан бул бағдардағы әмелий бирге ислесиўди тереңлестириў, кибержынаятшылыққа қарсы гүресиўде суд уйымлары арасында байланысларды раўажландырыўға келисип алды.
Сондай-ақ, судлардың жумысына жасалма интеллектти енгизиўге байланыслы тәжирийбелер алмасыўын жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәжилис даўамында келиспеўшиликлерди судқа шекем ҳәм суд процесинде шешиўдиң альтернатив усыллары ҳаққында тәжирийбелер менен бөлисип, бул тараўда судлардың ролин беккемлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Буннан тысқары, мәжилис қатнасыўшылары жас өспиримлердиң суд қорғаўына байланыслы мәселелерге де айрықша итибар қаратқан ҳалда бала ҳуқықлары менен мәплерин бузғаны ушын қатаң жаза илажларын қолланыў зәрүрлигин атап өтти. Сондай-ақ, ШБШ регионында бала ҳуқықларын қорғаўға байланыслы нызамшылықты жетилистириў, жас өспиримлердиң ҳуқықлары бузылыўының алдын алыўға қаратылған профилактикалық илажларды басқарыў, бул бағдарда тәжирийбе алмасыўды және де кеңейтиў, бала ҳуқықларын суд арқалы қорғаў шеңбериндеги байланысларды және де беккемлеў ҳәм жас өспиримлер ушын саламат ҳуқықый орталық жаратыўға келисип алды.
Мәжилис күн тәртибинен зорлық ҳәм терроризм менен байланыслы жынаятларға қарсы гүресиў темасы да орын алды.
ШБШға ағза мәмлекетлер Жоқарғы судларының баслықлары халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған мақсет ҳәм принциплерине сүйенген ҳалда келешекте ШБШға ағза мәмлекетлер суд уйымларының инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў, регионаллық қәўипсизликти ҳәм турақлылықты беккемлеў тараўындағы жумысын буннан былай да жетилистириў мақсетинде жоқары суд уйымлары арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм беккемлеў, исеним ҳәм дослыққа тийкарланған байланысларды буннан былай да раўажландырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Мәжилис қатнасыўшылары миллий ҳәм халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған норма ҳәм принциплерине тийкарланған ШБШға ағза мәмлекетлер суд системаларын раўажландырыў мақсетинде Жоқары судлар арасындағы мазмунлы сөйлесиўди келешекте де даўам еттириў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер Жоқары судлары баслықларының ХХ мәжилиси конструктивлик сөйлесиў ҳәм нәтийжели бирге ислесиў орталығында өтти.
Мәжилис жуўмағы бойынша Биргеликтеги билдириўге қол қойылды.
ШБШға ағза мәмлекетлер Жоқары судлары баслықларының жигирма биринши мәжилисин 2026-жылы Иран Ислам Республикасында өткериўге келисип алынды.