Өзбекстанның ШБШ илажларында қатнасыўы шөлкем жумысындағы белсене ролин ҳәм оның тийкарын салыўшы мәмлекетлерден бири екенлигин есапқа алғанда айрықша әҳмийетке ийе.

Шанхай бирге ислесиў шөлкеми үлкен раўажланыў жолын басып өтти ҳәм бүгинги күнде Евроазиядағы сиясий сөйлесиў ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў ушын ири халықаралық майданлардан бири болып есапланады. Шөлкем қурамының кеңейиўи, оның механизмлериниң раўажланыўы ҳәм бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларының пайда болыўы регионаллық ҳәм халықаралық раўажланыўдың әҳмийетли мәселелерин шешиўде ШБШның роли артып баратырғанынан дәрек береди.

Шанхай бирге ислесиў шөлкеми 2001-жыл 15-июньде Шанхай қаласында дүзилген. Шөлкемди дүзиў ҳаққындағы декларацияға Өзбекстан, Қытай, Россия, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан басшылары қол қойды. Кейин ала ШБШ қурамы сезилерли дәрежеде кеңейди: 2017-жылы Ҳиндстан ҳәм Пакистан, 2023-жылы Иран, 2024-жылы Беларусь Шөлкемге қосылды.

ШБШның тийкарғы мақсетлери ағза мәмлекетлер арасында өз-ара исеним, дослық ҳәм жақсы қоңсышылықты беккемлеў, көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў, регионда тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты сақлаў, сиясий ҳәм экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыўға жәрдемлесиўден ибарат. Терроризм, сепаратизм, экстремизм, нәшебентлик ҳәм қурал-жарақтың нызамсыз айланысы, трансмиллий жынаятшылықтың басқа түрлерине қарсы биргеликте гүресиўге үлкен итибар қаратылмақта.

ШБШның әҳмийетли өзгешелиги - оның жумысында өз-ара ҳүрмет, келисилген шешимлер ҳәм консенсус излеў принциплери бар. Шөлкем басқа мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлерге қарсы қаратылмаған, оның жумысы халықаралық ҳуқық ҳәм өз-ара түсинисиў тийкарында қурылған. ШБШның шәртнамалық-ҳуқықый базасын қәўипсизлик, экономикалық бирге ислесиў, узақ мүддетли жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара байланыслылықты раўажландырыў мәселелерин қамтып алған 1 мың 600 ден аслам ҳүжжет қурайды.

Шөлкемниң турақлы жумысын Пекиндеги ШБШ Секретариаты тәмийинлейди, Ташкентте жайласқан Регионаллық антитеррор структурасы ағза мәмлекетлер ўәкилликли уйымларының терроризм, сепаратизм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиўдеги бирге ислесиўин муўапықластырады. 2025-жылы РАТСты Қәўипсизликке қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў универсал орайына айландырыў ҳәм Душанбе қаласында ШБШның Нәшебентликке қарсы гүресиў орайын шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимлерге қол қойылғаны қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиў механизмлериниң және де раўажланыўын сәўлелендиреди.

ШБШ раўажланыўының ҳәзирги басқышындағы әҳмийетли тенденциялардан бири оның шөлкемге ағза болмаған мәмлекетлер, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық структуралар менен өз-ара бирге ислесиўиниң кеңейиўи болып есапланады. Бул көп тәреплеме сөйлесиўдиң және де кең системасын қәлиплестириў ҳәм ШБШның халықаралық байланысларын беккемлеў имканиятын береди.

2025-жылға шекем ШБШ шеңберинде сыртқы бирге ислесиўдиң еки форматы - бақлаўшы статусы ҳәм қарым-қатнас бойынша шерик статусы әмел еткен. Шөлкем жанында еки мәмлекет бақлаўшы, 15 мәмлекет болса қарым-қатнас бойынша шерик статусына ийе болды.

Соның менен бирге, ШБШның халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўи де раўажланбақта. ШБШ секретариаты тәрепинен БМШ, АСЕАН, ҒМДА, ЖҚҲШШ, ЕБШ, АБИИМ, БМШтың НЖБ, Халықаралық Қызыл Крест комитети, ЕЭА, ЮНЕСКО ҳәм басқа да бир қатар халықаралық структуралар менен өз-ара түсинисиў меморандумларына қол қойылды. Бундай бирге ислесиў тәжирийбе алмасыў ҳәм кең көлемли мәселелер бойынша биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў ушын қосымша имканиятлар жаратады.

Өзбекстан ШБШ жумысында шөлкем дүзилгенинен берли белсене қатнасып келмекте. ШБШ дүзилген жыллар даўамында республика шөлкемге төрт мәрте - 2003-2004, 2009-2010, 2015-2016-ҳәм 2021-2022-жыллары басшылық еткен.

Шөлкем тарийхында 2016-жылғы Ташкент саммити айрықша орын ийелейди. Онда ерисилген келисимлер 2017-жылы Ҳиндстан ҳәм Пакистанға ШБШға ағза мәмлекет статусын бериў ушын шараят жаратты.

2017-жылдан баслап Өзбекстан ШБШ шеңбериндеги бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша басламалар бағдарын әмелге асырыўға өтти. 2017-2025-жылларда Өзбекстан Президенти тәрепинен сиясий, саўда-экономикалық, транспорт-логистика, инновация ҳәм басқа да тараўларда 118 баслама алға қойылды.

Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң раўажланыўында Өзбекстанның басшылығында 2022-жыл 15-16-сентябрь күнлери Самарқандта болып өткен саммит айрықша әҳмийетке ийе болды. Илажда мәмлекет басшылары, қатнасыўшы мәмлекетлердиң ўәкиллери, бақлаўшы ҳәм мийманлар, халықаралық шөлкемлердиң басшылары қатнасты.

Самарқанд саммити жуўмағында рекорд санлы 44 ҳүжжет қабыл етилди. Олар ШБШ шеңбериндеги бирге ислесиўге жаңа әмелий мазмун бағышлаў ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди және де раўажландырыўға қаратылған.

Әҳмийетли нәтийже Иранның мәжбүриятлары ҳаққындағы меморандумға қол қойылып, оның шөлкемге толық ағза болыўына жол ашылды. Соның менен бирге, Египет, Қатар ҳәм Саудия Арабстанының ШБШның сөйлесиў бойынша шериклери статусын ҳуқықый жақтан рәсмийлестириў жумыслары жуўмақланды. Сондай-ақ, Беларусьты шөлкемниң толық ағзасы сыпатында қабыллаў тәртибин баслаў ҳаққында қарар қабыл етилди ҳәм бир қатар мәмлекетлердиң сөйлесиў бойынша шерик статусын алыў бойынша арзалары қоллап-қуўатланды.

Саммит ШБШның халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўин кеңейтиўге де хызмет етти. Оның шеңберинде Араб мәмлекетлери лигасы, ЮНЕСКО ҳәм БМШ АТОЭСК менен өз-ара түсинисиў меморандумларына қол қойылды.

Өзбекстанның басламалы жумысының әҳмийетли бағдары экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў болып есапланады. 2024-жыл 16-октябрь күни ШБШға ағза мәмлекетлер Ҳүкимет басшылары кеңесиниң Исламабадта болып өткен мәжилисинде Өзбекстанның басламасы менен Шөлкемге ағза мәмлекетлер арасында жаңа экономикалық қарым-қатнасты раўажландырыў бойынша бирге ислесиў концепциясы қабыл етилди.

Бүгин Өзбекстанның ШБШдағы роли көп тәреплеме сөйлесиўде қатнасыў шеңберинен шығып кетпекте. Республикамыз бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларының жедел басламашыларынан бири болып, оларды әмелге асырыў ҳәм буннан былай да раўажландырыўды тәмийинлеўге умтылмақта.

Экономикалық бирге ислесиў, транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты ҳәм нәтийжели транспорт коридорларын раўажландырыў мәселелери бүгинги күн тәртибинде айрықша орын ийелейди. 2022-жылы өз-ара байланыслылықты раўажландырыў ҳәм нәтийжели транспорт коридорларын жаратыў концепциясы қабыл етилген болып, бул шөлкем мәмлекетлери арасындағы логистика бирге ислесиўиниң әҳмийети артып атырғанын сәўлелендиреди.

Келеси әҳмийетли басқыш - 2026-жыл 31-август - 1-сентябрь күнлери Бишкек қаласында "ШБШның 25 жыллығы: турақлы тынышлық, раўажланыў ҳәм абаданлық жолында биргеликте" сүрени астында өткерилетуғын ШБШ Мәмлекет басшылары кеңесиниң юбилей саммити болып есапланады. Саммиттиң юбилей форматы Шөлкем жумысының келешектеги тийкарғы бағдарларын додалаў, көп тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм биргеликтеги жумыслардың жаңа бағдарларын белгилеўге айрықша әҳмийет береди.

25 жыл даўамында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми 6 мәмлекеттиң бирлесиўинен қатнасыўшыларының кеңейтилген қурамы ҳәм өз-ара бирге ислесиўдиң кең тармақлы системасына ийе ири халықаралық шөлкемге айланыў бойынша үлкен раўажланыў жолын басып өтти. Бүгин ШБШ үлкен демографиялық ҳәм экономикалық потенциалға ийе мәмлекетлерди бирлестиреди, көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў ушын кең имканиятларға ийе.

Ҳәзирги басқышта Өзбекстан әмелий ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўға итибар қаратыўда даўам етпекте. Экономикалық қарым-қатнасты, транспорт байланыслылығын, инновациялық бирге ислесиўди алға қойыў ҳәм қәўипсизлик механизмлерин беккемлеў ШБШны буннан былай да раўажландырыў ўазыйпаларына да, республиканың миллий мәплерине де сәйкес келеди.

ШБШның Бишкекте болажақ юбилей саммити, әлбетте, шөлкем жумысының келеси тийкарғы бағдарларын белгилеў ҳәм биргеликтеги жумыслардың жаңа бағдарларын ислеп шығыў ушын әҳмийетли майданға айланады. Саммитте қатнасыў Өзбекстан ушын конструктивлик күн тәртибин алға қойыў, өз-ара исенимди беккемлеў, регионаллық ҳәм аймақлараралық бирге ислесиў потенциалын жүзеге шығарыўға хызмет ететуғын басламаларды ислеп шығыў имканиятларын ашады.

«Дунё» МА.