Ҳаял-қызлар арасында 57 килограммға шекемги салмақ категориясындағы финал беллесиўинде Шукуржон Аминова Япония ўәкили Мио Шираканды исенимли жеңип, алтын медалды қолға киргизди. Бул сыйлық Аминованың "Үлкен Дубулға" сериясындағы турнирлердеги дәслепки сыйлығы болды.
60 килограммға шекемги салмақ категориясында Дастан Рузиев жарыстың бронза медалын қолға киргизди. Ол үшинши орын ушын болып өткен беллесиўде Грузия ўәкили Лука Гаделийди жеңип шығып, Ташкентте өткерилип атырған "Үлкен Дубулға" турниринде медаль алған биринши өзбекстанлы дзюдошы болды.
"Үлкен Дубулға" чемпионатының биринши күни жуўмағына бола, Өзбекстан сайланды командасы 1 алтын ҳәм 1 бронза медаль менен улыўма есапта үшинши орынды ийелеп тур.