Үй-музей мәҳәлледеги Т.Сулаймон көшеси 7-үйде орналасты.
Тура Сулайман туўылғанының 90 жыллығы алдынан шөлкемлестирилген үй-музейдиң ашылыў мәресиминде Туризм комитети, Мәденият министрлиги, Жазыўшылар аўқамы, Сырдәрья ўәлаяты ҳәкимлиги және кең жәмийетшилик ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.
Үй-музейдиң кең ҳәм сулыў ҳәўлисинде белгили мүсинши, Өзбекстан халық художниги Азамат Хатамов тәрепинен исленген, шайыр Тўра Сулайманның ҳәйкели орнатылды.
Тура Сулайман үй-музейинде шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилигине байланыслы 870 экспонат, 1000 нан аслам әдебиятлар топламы, 30 дан аслам газета ҳәм журналлар және 10 дана дисклер алып келинип,
Т.Сулайман китапханасы шөлкемлестирилген, деп хабар береди Туризм комитети баспасөз хызмети.