Атап өтилиўинше, нәрестелерге Фатима, Юсуф, Юнус деп ат қойылған. Туўыў процеси Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайының Сырдәрья филиалында шыпакерлер қадағалаўы астында хирургиялық әмелият арқалы, асқыныўларсыз әмелге асырылған.
- Егизеклеримиздиң үлкени Фатима 2,710, ортаншысы Юсуф 3,100, кишкенеси Юнус болса 2,930 кг. салмақ пенен туўылды, - дейди неонтолог шыпакер Амина Абдурасимова. - Ҳәзир егизеклердиң улыўма жағдайы қанаатландырарлы. Ана ҳәм нәрестелер маман қәнигелер қадағалаўында.
Әкесиниң айтыўынша, олардың әўладында қос перзентлердиң туўылыўы көп бақланған, бирақ үш егизектиң дүньяға келиўи биринши мәрте ушыраспақта.
Районлық ПҲАЖ бөлими тәрепинен нәрестелерге гүўалық, орай шыпакерлери тәрепинен саўғалар тапсырылды.
Еслетип өтемиз, алдынырақ Наманган ўәлаяты Тўрақўрғон районында жасаўшы Нафиса Юнусова ҳәм Абдукамол Аҳмаджоновлар бир ўақыттың өзинде төрт егизектиң ата-анасына айланған еди.
