Греландияны сатып алыў АҚШқа кеминде 700 миллиард долларға түсиўи мүмкин, деп хабар бермекте " NBC " телеканалы дәреклерге сүенип.
"АҚШ президенти Дональд Трамптың мақсети - Гренландияны сатып алыўға ерисиўге қарар етсе, кеминде 700 миллиард төлеўге туўра келиўи мүмкин еди", делинеди басылымда.
Депутат ҳәм Дания парламенти қорғаныў комитетиниң басшысы Расмус Ярлов 11-январь күни гренландиялыларға мүрәжат етип, оларды Дания қурамында қалыў ҳәм оны қаралаўды тоқтатыў тилегин дүньяға айтыўға шақырды. Болмаса, АҚШтың дүньядағы ең үлкен атаўды қосып алыў режелери өз-өзинен нызамластырылатуғынын атап өтти. Ярлов, сондай-ақ, Вашингтон басып кириў режелерин таярлап атырғанын да қосымша етти, деп жазбақта ria.ru.