Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Республикада денсаўлықты сақлаў системасын ҳәм халыққа медициналық хызмет көрсетиў принциплерин жетилистириў арқалы тараўды реформалаўды избе-из даўам еттириў илажлары ҳаққында"ғы Пәрманы (ПП-88-санлы, 19.05.2025 ж.) қабыл етилди.
Халыққа бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиўдиң жаңа системасын енгизиўдиң тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленди, атап айтқанда:
халықаралық тәжирийбеге тийкарланған халыққа бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиўдиң жаңа моделин енгизиў;
халыққа медициналық жәрдем көрсетиўде шаңарақлық шыпакерлердиң үлесин 70 процентке жеткериў;
денсаўлықты сақлаў системасын санластырыў ҳәм медицинада қағазпазлықты азайтыў арқалы медицина хызметкерлериниң жумыс жүклемесин 30 процентке шекем азайтыў;
2025-жыл 1-июльден усы Пәрманда белгиленген район (қала) ларда, 2026-жыл 1-январьдан баслап Самарқанд ўәлаятының барлық район (қала) ларында тәжирийбе түринде денсаўлықты сақлаў системасын шөлкемлестириўдиң жаңа модели енгизиледи.