Японияның бул жетекши компаниясы менен бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм қоспа жойбарларды әмелге асырыўдың әҳмийетли бағдарлары додаланды.
Электр энергиясына талап артып атырғанын есапқа алып, Сырдәрья ўәлаятында пуў-газ электр станциясын қурыў жойбарын жедел әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Көп тармақлы емлеўхана, Ташкент қаласында жаңа халықаралық аэропорт, самал электр станциясын қурыў сыяқлы әҳмийетли жойбарларға айрықша итибар қаратылды.
Медициналық клиникалар, мектепке шекемги ҳәм таяныш билимлендириў объектлерин модернизациялаў, трансшегаралық "жасыл" энергетика коридорын жаратыў, мәмлекетимиз аймақларындағы газ компрессор станцияларын жаңалаў, япониялы инвесторлар ушын арнаўлы экономикалық зона шөлкемлестириўде корпорацияның қатнасыўы бойынша басламалар қоллап-қуўатланды.








