Өзбекстанның FIA менен бирге ислесиўи жаңа басқышқа көтерилмекте

    Спорт 13 желтоқсан 2025 151

    Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов басшылығындағы делегация Халықаралық автомобиль федерациясы (FIA) президенти Муҳаммад бин Сулайым менен ушырасыў өткерди.

    Сөйлесиўде еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў, соның ишинде, Өзбекстанда автоспорт инфраструктурасын раўажландырыў бойынша перспективалы басламалар, халықаралық илажларды өткериў, спортшылар ушын заманагөй шараятлар жаратыў мәселелери додаланды.

    Мәмлекетимизде ири спорт жойбарларының табыслы әмелге асырылып атырғаны, сондай-ақ, автомобиль спортының жаңа бағдарларын енгизиў ҳәм Өзбекстанды регионның жетекши орайына айландырыўда FIA менен бирге ислесиўдиң әҳмийетине айрықша итибар қаратылды.

    Қоспа жойбарлар, маманлық арттырыў бағдарламаларын әмелге асырыў ҳәм халықаралық турнирлер шөлкемлестириў режелери де көрсетип өтилди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates