Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң мағлыўматына бола, социаллық карта 2024-жылдың декабринен баслап жаңадан тайынланған 9 түрдеги социаллық төлем алыўшы шахсларға бериледи. Бул шахсларға социаллық карталар бийпул бериледи ҳәм дәслеп төлем қуралы (банк картасы) функциясын атқарады.

Мәмлекетимизде социаллық қорғаў системасының нәтийжелилигин ҳәм мәнзиллилигин арттырыў бағдарындағы избе-из реформалар себепли халықты социаллық қорғаў тараўы жаңа басқышқа алып шығылды ҳәм бирден-бир орайласқан система сыпатында қәлиплестирилди. Ҳәзир район ҳәм қалаларда "Инсан" социаллық хызметлер орайлары ҳәм ҳәр бир мәҳәлледе социаллық хызметкер жумыс алып бармақта. Мәҳәлле дәрежесинде 12 категориядағы социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларға 100 ден аслам социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў системасы жаратылды.

Бирақ халық ҳәзир бул социаллық хызмет ҳәм жәрдемлерден пайдаланыў ушын 10 нан аслам ҳүжжетти алып жүриўге мәжбүр болмақта. Жаңадан енгизилип атырған социаллық карта системасы болса ҳүжжетлердиң орнын басыў менен бирге жәмийетлик транспортта бийпул жүриў, электр, газ ҳәм оқыў қәрежетлерине компенсация алыў имканиятын береди. Напақа ҳәм жәрдем пулы да усы картаға түседи.

Бул бағдардағы жумысларды шөлкемлестириў Президентимиздиң 2024-жыл 18-июльдеги "Халықты мәмлекет тәрепинен социаллық қоллап-қуўатлаў тәртибин түп-тийкарынан жетилистириў ҳаққында"ғы қарарында белгиленген.

"Социаллық карта" мәлимлеме системасын енгизиў арқалы социаллық төлемлер ҳәм субсидиялар, социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлерди таярлаў, усыныў, мониторинг етиў ҳәм баҳалаў процесслери, сондай-ақ, халықты мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың социаллық өзгешеликке ийе басқа барлық илажын басқышпа-басқыш толық автоматластырыў нәзерде тутылған.

Бул имканият социаллық жәрдемге мүтәж пуқаралардың мүтәжлигин есапқа алған ҳалда оларды социаллық хызметлерден, жәрдем ҳәм төлемлерден және мәмлекет тәрепинен социаллық қоллап-қуўатлаўдың басқа да илажларынан пайдаланыў ушын ҳүжжет жыйнаўдан азат етеди. Соның менен бирге, мәмлекет тәрепинен социаллық қоллап-қуўатлаў илажларын мәнзилли, қысқа мүддетте, аралықтан турып ҳәм проактив тәризде алыў имканиятын береди.

Усы бағдарда орынлардағы жумыслар менен танысыў мақсетинде пайтахтымыздың Юнусабад районындағы "Инсан" социаллық хызметлер орайында болдық. Жақында оңланған ҳәм заманагөй үскенеленген имаратта жумыс алып барып атырған орайға келетуғынлардың қәдеми үзилмейди. Олардың арасында социаллық картаны рәсмийлестириў ушын келетуғынлар да көп.

Орайдың бас қәнигеси Жавоҳир Тоҳировтың айтыўынша, бүгинги күнге шекем социаллық картаны рәсмийлестириў ушын 100 ден аслам адамнан арза қабыл етилген. Тийисли банктиң районлық бөлими менен биргеликте рәсмийлестириў ҳәм социаллық картаны усыныў жумыслары даўам етпекте.

Бул бағдарда мүрәжатлар менен ислесиў менен бирге социаллық қорғаў системасындағы жаңалықлардан халықты хабардар етиў, жаратылып атырған жеңилликлер менен имканиятларды кеңнен үгит-нәсиятлаўға да айрықша итибар қаратылмақта. Тараў қәнигелери, соның ишинде, мәҳәллелердеги социаллық хызметкерлер ушын бул бағдарда түрли семинар-тренинг ҳәм шынығыўлар өткерилмекте.

- Тийкарғы қәнигелигим педагог, бир жылдан берли усы системада ислеп атырман, - дейди Юнусабад районы "Аҳмад Дониш" мәкан пуқаралар жыйынындағы социаллық хызметкер Феруза Ешбекова. - Жумысымның дәслепки басқышында-ақ "мәҳәлле жетилиги" менен биргеликте үйме-үй жүрип, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын анықладық. Ҳәзир сол тийкарда халыққа мәмлекетимиз тәрепинен ажыратылған көмек ҳәм жәрдемди жеткерип атырмыз. Соның ишинде, өткен жылы дерлик 40 адамға арба, қолтық таяқ, еситиў үскенеси ҳәм басқа да зәрүр буйымларды бердик. Итибарлы тәрепи, енди бундай буйымларға мүтәж ҳәр бир адам оны өзи таңлаў имканиятына ийе. Ҳәзирги ўақытта бул имканиятты және де кеңейтиў ҳәм халық ушын имканият ҳәм жеңилликлерди көбейтиў мақсетинде "Социаллық карта" системасы жолға қойылмақта. Халық арасында бул жаңалық мазмунын кеңнен үгит-нәсиятлап атырмыз.

Районның Астробод мәҳәллесинде жумыс алып барып атырған социаллық хызметкер Шамсиддин Дониёров да халықтың тийисли қатламына мәмлекетимиз тәрепинен ажыратылып атырған жәрдемди жеткериў бағдарында системалы жумыс алып бармақта. 11 мыңнан аслам халық жасайтуғын мәҳәлледе бул жумысларды әмелге асырыўда мәҳәлле белсендилери менен бирге, тийисли мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер, қәўендерлер менен тығыз бирге ислесиў жолға қойылды. Үйме-үй жүриў арқалы шаңарақлардағы жағдай үйренилип, 63 шаңарақ кем тәмийинленген деп табылды.

"Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасы шеңберинде бул шаңарақлардың турмыс шараятын жақсылаў бойынша жумыс исленбекте. Бул шаңарақлардың перзентлеринен 7 ниң төлем-контракт суммасы тийисли тәртипте төлеп берилди. Жумыссызларды мийнет базарында талап жоқары кәсиплерге оқытыў ҳәм жумысқа жайластырыў илажы көрилмекте. Медициналық-социаллық жәрдемге мүтәжлерди саламатландырыў ҳәм медициналық реабилитациялаў нәзерде тутылған. Социаллық карта алыў мақсетинде мүрәжат еткен 3 адамның арзасы қабыл етилип, мүрәжатын қанаатландырыў бойынша жумыслар даўам етпекте.

Ҳәзирги ўақытта аймақларда бул бағдардағы тәжирийбе-сынақ жумыслары усы тәризде даўам етпекте. 2025-жыл 1-апрельден баслап усы аймақлар, яғный Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятының Янгийўл районы бойынша және қосымша 2 түрдеги - ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы және "Сақаўат ҳәм жәрдем", "Ҳаял-қызлар дәптери" ҳәм "Жаслар дәптери" қорлары есабынан төленетуғын бир мәртелик материаллық жәрдем де социаллық карта арқалы төлеп бериледи.

Социаллық карта функциялары басқышпа-басқыш кеңейтилип барылады. Соның ишинде, бул карта 2025-жыл 1-апрельден баслап транспорт картасы ҳәм жеңиллетилген транспорт картасы ўазыйпасын да атқарады. Жәмийетлик транспортта жеңиллетилген ямаса бийпул пайдаланыў ҳуқықына ийе шахслар, белгиленген жеңиллетилген ямаса бийпул тарифтен пайдаланған ҳалда жеңилликке ийе болмаған шахслар белгиленген транспорт тарифлеринде транспорттан пайдаланыўы мүмкин. Бул функцияны енгизиў мақсетинде тийисли мәлимлеме системаларын интеграциялаў илажы көрилмекте.

Тәжирийбе-сынақ басқышында социаллық картаны ашыў ушын электрон арзалар "Инсан" социаллық хызметлер орайлары арқалы қабыл етилмекте. Кейин ала пуқаралар Бирден-бир мәмлекетлик интерактив хызметлер порталы, "Социаллық карта" мобиль қосымшасы ҳәм социаллық карта бойынша белгиленген финанслық агентлердиң бөлимлери (банклер) арқалы мүрәжат етиўи мүмкин.

Социаллық карта арза берилген күннен баслап 3 жумыс күнинде усынылады. Басқалардың күтимине мүтәж айырым шахсларға "Инсан" социаллық хызметлер орайы тәрепинен 15 күнде социаллық карталар олардың жасаў орнына жеткерип бериледи.

Баҳор ХИДИРОВА,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы