Өзбекстан ҳәм Түркменстан биргеликте сүўретке алған "Махтумқулы пырағы" фильми Болгарияда өткерилген кинофестивальда жеңимпаз болды

    19 қыркүйек 2025 612

    Өзбекстан ҳәм Түркменстанның биргеликте сүўретке алынған "Махтумқулы пырағы" кино картинасы халықаралық сыйлықларды исенимли қолға киргизип келмекте. Фильм Лондон ҳәм Қазанда тән алынғаннан соң Болгария телевидение, кино ҳәм интернет коммуникациялары академиясы (АТКИК) тәрепинен шөлкемлестирилген ХIII халықаралық кинофестивальда Гран-при менен сыйлықланды.

    Фильм өзбек режиссёры Музаффар Эркинов тәрепинен сахналастырылған болып, уллы түркмен шайыры ҳәм ойшылы Мақтымқулы Прағыйдың өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған, деп жазады ussatnews.com.

    Фильм Бухара ҳәм Хийўа қалаларында сүўретке алынып, дәўирдиң өзине тән орталығын сәўлелендириў имканиятын берди. Бас рольди түркмен актёры Ахмет Аманмурадов атқарған болса, шайырдың әкеси Даўлетмәмет Азадий образы Түркменстан халық артисти Чары Бердиев тәрепинен жаратылды.

    Болгариядағы жоқары сыйлық дөретиўшилердиң шеберлигин және бир мәрте тастыйықлаў, халықаралық майданда Өзбекстан ҳәм Түркменстанның мәдений мийрасына қызығыўшылық артып атырғанының дәлили болды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates