Жергиликли халық тәбийий мийнеткеш инсанлар емес пе, олар жетистирип атырған сийрек ушырасатуғын шафран бүгин экспортқа қолайлы өним сыпатында районның "мирәт қағазы"на айланбақта.
2022-жылы жақсы нийет пенен 5 гектар жер майданы шафран жетистириў ушын ажыратылған еди. Дәслепки жылы 5 килограмм зүрәәт алынған болса, арадан еки жыл өтип, 20 килограммнан асты. Районда шафран жетистириўдиң жолға қойылғаны тек ғана баҳалы өним алыў емес, ал шетки аймақта мәўсимлик жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәрамат дәрегин кеңейтиў имканиятын берди. Өткен жылы зүрәәтти жыйнап алыўға 40 қа шамалас пуқара тартылған болса, ҳәзир 10 нан аслам ҳаял-қызлар сатыўға таярланып атырған өнимди қадақламақта.
Енди Сўх шафраны ишки базардан тысқары, сырт еллерге де сатылмақта. Соның ишинде, Кувейт мәмлекетине 20 килограмм өним жеткерип бериў ушын 300 мың АҚШ доллары муғдарында шәртнамаға қол қойылды.
Ҳәзирги күнлерде арнаўлы қадақланған шафранды бирге ислесиўши мәмлекетке жибериў жумыслары басланды.