"Өз алдына уллы мақсетлер қойған халық тек ғана саламат ҳәм күшли болған жағдайда ғана гөзлеген шеклерине ерисе алады. Ел-журттың саламат болыўы, үлкен ислерге уқыплы болыўында болса, әлбетте, денетәрбия ҳәм спорттың әҳмийети шексиз.
Бүгин биз дүньяға ашық, социаллық ҳәм экономикалық раўажланған мәмлекет - Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша өз алдымызға үлкен мақсетлер қоймақтамыз.
Ҳәр бир инсан, ҳәр бир ата-ананың арзыўы ҳәм нийети физикалық ҳәм руўхый бәркамал әўладты тәрбиялаў болып табылады. Буған болса дене тәрбиясы ҳәм спортсыз ерисип болмайды.
Бир сөз бенен айтқанда, спорт - саламат халық, саламат жәмийеттиң таяныш үстини. Соның менен бирге, спорт - бул бәринен бурын тынышлық елшиси, ҳәр бир мәмлекет ушын миллий мақтаныш дәреги", - деди мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында.