Мәмлекетимиз басшысы кейинги он жылда энергетика тараўында кең көлемли реформалар әмелге асырылғанын атап өтти. Жеке меншик сектор ҳәм сырт ел инвесторларын тартыў ушын зәрүр ҳуқықый-шөлкемлестириўшилик шараятлар жаратылды.

Нәтийжеде энергетика тармағына 23 миллиард доллар сырт ел инвестициялары кирип келди, орынларда улыўма қуўатлылығы 9,5 гигаваттлы электр станциялары иске қосылды. Электр ҳәм газ тармақлары, подстанциялар, трансформаторлар және газ бөлистириў үскенелерин модернизациялаўға 30 триллион сум қаратылды.

Соның менен бирге, жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў, системаны басқарыў, орынларда орынлаў тәртибин ҳәм тийисли қадағалаўды тәмийинлеў мәселелеринде елеге шекем үлкен кемшиликлер сақланып қалып атырғаны көрсетип өтилди.

- Ашық айтыў керек, энергетиканың машқаласы қаржыландырыўда емес, биз қанша қаржы керек болса, соны излеп атырмыз. Мәселе системаны басқарыўда, - деди Президент.

Атап өтилгениндей, аймақларда инфраструктураның раўажланыў дәрежеси дерлик бирдей, бирақ электр ҳәм газ тәмийнатының сапасы түрлише болыўы мүмкин. Бәринен бурын, бул басшылардың талапшаңлығы, қадағалаўы ҳәм жеке жуўапкершилигиниң ҳәр қыйлы дәрежеде екенлиги менен түсиндириледи.

Усы жылдың июнь-июль айларында электр тармақларында 4 мыңға шамалас авария жүз берген. Нәтийжеде айырым аймақларда халық ҳәм исбилерменлик субъектлери 8-10 саатқа шекем электр энергиясынан үзилип қалған. Буннан тысқары, көплеген аймақларда электр энергиясынан пайдаланыўдың артыўы ҳәм инфраструктураға жүклемениң көбейиўи алдыннан есапқа алынбаған.

Тармақларда электр энергиясының жоғалыўы 17,2 процентти қурамақта. Өткен алты айда жоғалтыўлар 4,8 миллиард киловатт-саатты қураған.

АСКУЭ ҳәм АСКУГ системалары енгизилгенине қарамастан, жүз мыңлаған электр ҳәм газ есаплағышлары мағлыўматларды орайласқан системаға жибермей атыр. Бул болса тутыныўды дурыс есапқа алыў, шығынларды азайтыў ҳәм дебитор қарыздарлықты қысқартыўға тосқынлық етпекте.

Мәмлекетимиз басшысы энергетика системасындағы ҳәр бир басшының нәтийжеси, бәринен бурын, адамлардың күнделикли турмысында, исбилерменлердиң жумысында сезилиўи керек екенлигин атап өтти.

Энергетика министри ҳәм "Аймақлық электр тармақлары" акционерлик жәмийетиниң басшысы өзине жүкленген системадағы үлкен кемшиликлер ушын лаўазымынан азат етилди. "Өзбекстан миллий электр тармақлары", "Ыссылық электр станциялары", "Өзтрансгаз" ҳәм "Аймақгазтәмийнат" акционерлик жәмийетлериниң басшыларына жыл ақырына шекем сынақ мүддети белгиленди.

Энергетика министрлиги, "Аймақлық электр тармақлары" ҳәм "Өзэнергоинспекция"ның жаңа басшылары бүгиннен баслап жумысты шөлкемлестириўде пүткиллей жаңаша қатнас жасаўы керек екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте ҳәр бир район ҳәм мәҳәлле кесиминде электр ҳәм газ тәмийнатын шөлкемлестириў бойынша жаңа система белгиленди. Халықтың, исбилерменлик субъектлери ҳәм социаллық тараў объектлериниң талабынан келип шығып, ҳәр бир аймақтың энергия балансы қәлиплестириледи.

Қайси мәҳәлледе электр тармақлары, трансформатор ямаса газ бөлистириў үскенелерин модернизациялаў зәрүр екенлиги анық белгиленеди. Аварияларды қысқартыў, есаплағышларды бирден-бир системаға жалғаў, энергия шығынлары ҳәм дебитор қарыздарлықты кескин азайтыў бойынша мәнзилли бағдарламалар ислеп шығыў нәзерде тутылған.

Бул бағдарда Янгийўл районында үлги жаратыў ўазыйпасы қойылды. Райондағы 51 мәҳәлледе халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң электр энергиясы ҳәм тәбийғый газге айлық, шереклик ҳәм жыллық талабы толық үйрениледи.

Пухта реже тийкарында зәрүр инфраструктура, оңлаў жумыслары ҳәм оларды қаржыландырыў дәреклери анықланады. Барлық илажларды 1-октябрьге шекем жуўмақлап, Янгийўл районын электр ҳәм газ тәмийнаты бойынша үлгили аймаққа айландырыў режелестирилген.

Келешекте бул тәжирийбе республикамыздың барлық район ҳәм қалаларына енгизиледи. Энергетика тараўының басшылары ең аўыр районларға бириктирилип, жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте жумыс шөлкемлестириледи.

Энергетика тармағына санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллектти кеңнен енгизиўге айрықша итибар қаратылды.

Энергетика министрлиги структурасында Жанылғы-энергетика комплексин санластырыў ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў орайы шөлкемлестириледи. Орай пүткил "ислеп шығарыў - тапсырыў - бөлистириў - жеткерип бериў" шынжырын комплексли таллап, тараўды раўажландырыўдың оптимал сценарийлерин ислеп шығады.

АСКУЭ ҳәм АСКУГ системаларының мағлыўматлары ЖИ жәрдеминде талланады, сондай-ақ, гүманлы тутыныў, шығын ҳәм қарыздарлық жағдайларын автоматикалық түрде анықлайтуғын платформа иске қосылады.

Сондай-ақ, ҳәр бир тараў басшысы ҳәм хызметкериниң жумысына анық нәтийжелилик көрсеткишлери тийкарында баҳа бериледи. Онда авариялық ҳәм режели өшириўлер саны, шығынлар дәрежеси, дебитор қарыздарлық көлеми, резерв қуўатлықлардың бар екенлиги, оңлаў бағдарламаларының орынланыўы тийкарғы өлшем болады.

Мәжилисте гүзги-қысқы мәўсимге таярлық мәселеси де додаланды. Бүгинги күнде 1 мың 916 мәҳәлледе тәбийғый газ тәмийнатында қыйыншылықлар бар.

Бул аймақларда турақ жайлардың ысытыў системасының турақлылығын арттырыў, электр энергиясы инфраструктурасын беккемлеў ҳәм қосымша электр талабын қаплаў бойынша анық есап-санақлар таярланады. Биринши гезекте қаржыға мүтәж мәҳәллелер ушын өз алдына бағдарлама ислеп шығылады.

Бүгинги күнде 3 миллион 700 мың шаңарақ суйылтырылған газден пайдаланбақта. Атап өтилгениндей, система санластырылып, тәртипке салынғанына қарамастан, тутыныўшыларды өз ўақтында ҳәм кепилликли суйылтырылған газ бенен тәмийинлеў мәселеси толық шешилмеген.

Суйылтырылған газ тәмийнаты тараўына жеке меншик секторды кеңнен тартыў ўазыйпасы қойылды. Жаңа тәжирийбе дәслеп Әндижан ўәлаятында енгизиледи.

Исбилерменлерге өзлери импорт еткен ямаса биржа саўдаларында сатып алған суйылтырылған газди халық ҳәм бизнеске жеткерип бериў имканияты жаратылады. "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри"не киргизилген шаңарақларға болса суйылтырылған газ сатып алыўы ушын субсидия бериледи. Жылдың ақырына шекем бул бағдарда "Әндижан тәжирийбеси" жаратылып, кейин ала басқа аймақларға да енгизиледи.

Жылдың ақырына шекем суйылтырылған газ ислеп шығарыў көлемин режелестирилген 520 мың тоннадан 606 мың тоннаға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Буннан тысқары, газ баллонларының көлемин хожалықлардың реал талабынан келип шығып дифференциялаў усыныс етилди. Суйылтырылған газди тасыў, сақлаў ҳәм бөлистириў системасы сырт ел тәжирийбеси ҳәм халықаралық стандартлардан келип шығып қайта көрип шығылады.

Мәмлекетимиз басшысы энергетика тармағы ушын заманагөй билим ҳәм әмелий көнликпелерге ийе кадрлар таярлаў мәселелерине де айрықша тоқтап өтти.

Бүгинги күнде 25 техникалық жоқары оқыў орнында 5 мың 500 ге шамалас қәниге энергетика бойынша билим алмақта. Соның менен бирге, оқыў процеси әмелият пенен жетерли дәрежеде байланыстырылмағаны себепли питкериўшилердиң кәсиплик жумысқа толық бейимлесиўине 2-3 жылға шекем ўақыт сарыпланбақта.

Усы мүнәсибет пенен жоқары оқыў орынларында жанылғы-энергетика бағдарлары бойынша оқыў бағдарламаларын толық жаңалаў, олардың лаборатория ҳәм оқыў-әмелият полигонларын заманагөй талапларға бейимлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Жаңа оқыў жылынан 3-курс студентлериниң ярымы ҳәм 4-курс студентлериниң барлығы дуал билимлендириў менен қамтып алынады. Қуяш ҳәм самал генераторлары, электромобиллерди қуўатландырыў станциялары ҳәм басқа да заманагөй технологиялар бойынша қәнигелер таярлаўға айрықша итибар қаратылады.

Мәжилис жуўмағында жуўапкерлерге белгиленген ўазыйпаларды қысқа мүддетлерде сапалы орынлаў, тараўда атқарыў тәртибин ҳәм жеке жуўапкершиликти түп-тийкарынан күшейтиў бойынша анық тапсырмалар берилди.